Өзбекстан Президенти ҳәм Франция Миллий мәжилиси Баслығы парламентлераралық алмасыўды раўажландырыў мәселелерин додалады

841

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 13-март күни Париж қаласындағы Бурбон сарайында Франция Миллий мәжлиси Баслығы Яэль Браун-Пиве менен ушырасыў өткерди.

Еки мәмлекет арасындағы парламентлераралық алмасыўды және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Бул сапардың тарийхый әҳмийети, Өзбекстан ҳәм Франция арасында стратегиялық шериклик қатнасықларының орнатылғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Франция парламенти төменги палатасының басшысы Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған демократиялық өзгерислерди, ўәкилликли уйымлардың роли, ҳаял-қызлар, балалар, жаслар ҳәм майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳәм экологиялық қәўипсизлик кепилликлериниң күшейгенин жоқары баҳалады.


Өзбекстан – Франция парламентлераралық форумын шөлкемлестириў ҳәм «жол картасы» тийкарында дослық топарларының жумысын қайта тиклеў мәселелери додаланды.


Өзбекстан жетекшиси Миллий мәжилис Баслығын быйыл апрель айында Ташкент қаласында болып өтетуғын Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясында қатнасыў ушын мәмлекетимизге мирәт етти.


Ушырасыў соңында Өзбекстан Республикасы Президенти Ҳүрметли мийманлар китабында қол жазбасын жазып қалдырды.

ӨзА