Тарийхый сапар: Өзбекстан ҳәм Франция арасында стратегиялық шериклик қатнасықлары орнатылды

373

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мәмлекетлик сапар менен Франция Республикасында болмақта.

12-март күни Париждеги Ветеранлар үйинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти рәсмий күтип алыў мәресими болды.

Мәмлекетимиз жетекшисин Франция Президенти Эммануэль Макрон күтип алды.

Майданда жоқары мәртебели мийман ҳүрметине Франция гвардиясы, қурғақлықтағы әскерлер, әскерий-теңиз ҳәм әскерий-ҳаўа күшлери хызметкерлеринен ибарат ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Әскерий оркестр атқарыўында еки мәмлекет гимнлери жаңлады. Гвардияшылар мәмлекетимиз басшысының алдынан салтанатлы жүрип өтти.

Президентлер ҳүрметли қараўыл сапының алдынан өтти ҳәм рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.

Соң мәмлекетимиз басшысы атлы гвардияшылар ҳәм мотоцикллер менен биргеликте жоқары дәрежеде сөйлесиў өткериў ушын Франция Президентиниң резиденциясы – Елисей сарайына жол алды.

Елисей сарайында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Франция Республикасы Президенти Эммануэль Макронның сөйлесиўлери болып өтти.

Мәмлекет басшылары көп тәреплемели Өзбекстан – Франция қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм беккемлеў мәселелерин жүзбе-жүз ҳәм делегациялар қатнасыўында ҳәр тәреплеме додалады.

Еки мәмлекет жетекшилериниң 2023-жыл ноябрь айында Самарқанд қаласында өткен ушырасыўы даўамында ерисилген келисимлер әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Ҳәр қыйлы дәрежелерде жедел сөйлесиўлер даўам етпекте. Өткен жылы товар алмасыў көлеми биринши мәрте 1 миллиард евродан асты, биргеликтеги кәрханалардың саны 4 есеге көбейди.

Елимизде Францияның “Orano”, “EDF”, “Total”, “SUEZ”, “Voltalia”, “Veolia” ҳәм көплеген басқа жетекши компаниялары табыслы жумыс алып бармақта. Франция раўажланыў агентлиги менен бирге ислесиў жаңа сапаға ийе болды, оның менен жаңа Бирге ислесиў бағдарламасы қабыл етилмекте.

Сапарға таярлық шеңберинде Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси ҳәм “MEDEF” бизнес миссиясы нәтийжели өтти, Исбилерменлер палатасы өз жумысын баслады.

Усы күнлерде Париж, Тулуза, Лион ҳәм Ницца қалаларында аймақлардың белсене қатнасыўында биргеликтеги илажлар өткерилмекте. Кеше биргеликтеги медициналық форум ҳәм илим ҳәм билимлендириў бойынша конференция, Өзбекстанның туризм имканияты ҳәм мәдениятына бағышланған презентациялар өткерилди. Гретц-Арменвиль қаласында уллы илимпаз Әбиў Райхан Беруний бюсти ашылды.

Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық-финанслық тараўларды өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў, Францияның жетекши компаниялары ҳәм кәрханалары менен кооперациялық жойбарларды әмелге асырыўға тийкарғы итибар қаратылды.

Бул ретки саммитке жаңа Инновация ҳәм санаат шериклигиниң бағдарламасы таярланған. Әҳмийетли минерал шийки зат ресурсларын қазып алыў ҳәм қайта ислеў, энергетика, инфраструктураны раўажландырыў, транспорт ҳәм басқа да тармақларда улыўма баҳасы 6,5 миллиард евролық биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў нәзерде тутылған.

Улыўма, биргеликтеги жойбарлар портфели 12 миллиард евродан асламды қурамақта.

Усы мәниде, финанслық қоллап-қуўатлаў қуралларын кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы узақ мүддетли кооперациялық байланысларды жолға қойыўға жәрдемлесиў мақсетинде Өзбекстан – Франция инвестициялық кеңесин шөлкемлестириў ҳәм оның биринши мәжилисин быйыл июнь айында Ташкент инвестициялық форум шеңберинде өткериўди усыныс етти.

Аймақлараралық байланысларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде келеси жылы Самарқанд қаласында еки мәмлекет аймақларының биринши форумын өткериўге келисип алынды.

Жетекшилер гуманитарлық бағдардағы әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша итибар қаратты. Париж қаласында Савицкий музейи топламындағы авангард шығармалар көргизбесин шөлкемлестириў, мәдений естеликлерди сақлаў реставрациялаў бойынша бирге ислесиў ушын мәмлекетимизде Франция мийрасы институтының ўәкилханасын ашыў режелери қоллап-қуўатланды.

Усы жылы Ташкент қаласында Франциядан тәжирийбели қәнигелерди тартқан ҳалда Өзбекстан – Франция университетиниң ашылыўы билимлендириў тараўындағы тийкарғы келисим болғаны атап өтилди. Француз тили оқытыўшыларын таярлаў тараўында да нәтийжели бирге ислесиў даўам еттириледи.

Исбилерменлик, туризм ҳәм мәдений алмасыўларды жеделлестириў мақсетинде тәреплер тиккелей авиақатнаўлар санын көбейтиў мәселесин көрип шығады.

Мәмлекет басшылары халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алмасты. Көп тәреплеме шөлкемлер шеңберинде бир-бирин қоллап-қуўатлаўды даўам еттириў, терроризм, экстремизм, радикализм, кибержынаятшылық ҳәм қәўипсизликке қәўип салып атырған басқа заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде ҳәрекетлерди бирлестириў әҳмийетли екени атап өтилди.

Системалы сөйлесиўди жолға қойыў ҳәм муўапықластырыў мақсетинде сыртқы ислер министрликлериниң басшылығында экономикалық уйымларды тартқан ҳалда Стратегиялық режелестириў топарын дүзиўге келисип алынды.

Сөйлесиўлер соңында мәмлекет басшылары еки мәмлекет арасында стратегиялық шериклик қатнасықларын орнатыў ҳаққында тарийхый шешимге келди.

Ушырасыў соңында Президент Шавкат Мирзиёев Президент Эммануэль Макронды өзи ушын қолайлы ўақытта жуўап сапар менен Өзбекстанға келиўге мирәт етти.

Париж қаласында болып өткен сөйлесиўлер жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Франция Республикасы Президенти Эммануэль Макрон Стратегиялық шериклик орнатыў ҳаққындағы биргеликтеги декларацияны қабыллады.

Мәмлекет басшылары жанында Қәнигелер ҳәм студентлер ҳәрекетшеңлиги ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисим, Дипломатиялық паспорт ийелерин виза талапларынан өз-ара азат етиў ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисим ҳәм Францияның жетекши компаниялары менен Өзбекстанда  6,5 миллиард евролық перспективалы кооперациялық жойбарларды әмелге асырыўды нәзерде тутыўшы Инвестициялық ҳәм инновациялық тараўлардағы бирге ислесиў бағдарламасы алысылды.

Мәмлекетлик сапар даўамында төмендегилерге де қол қойылды:

– Өзбекстан – Франция университетин шөлкемлестириў ҳаққында ҳүкиметлераралық келисим;

– Реадмиссия ҳаққында ҳүкиметлераралық келисим;

– Сыртқы ислер министрликлериниң 2025-2026-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы;

– 2026-2030-жыллары Франция раўажланыў агентлиги менен бирге ислесиў бағдарламасы;

– Халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги бирге ислесиў ҳаққында декларация;

– Денсаўлықты сақлаў тараўында бирге ислесиў ҳаққында декларация;

– Француз тилин оқытыўды кеңейтиў ҳаққында билдириў;

– Музыка, кино ҳәм театр тараўларында бирге ислесиў ҳаққында декларация;

– Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры менен Франция Мәденият министрлиги, Мәдений мийрас миллий институты ҳәм Орайлық Азия изертлеўлери институты арасындағы бирге ислесиў келисимлери;

– Ташкент ҳәм Париж қалалары арасында шериклик қатнасықларын орнатыў ҳаққындағы билдириў ҳәм басқа да еки тәреплеме ҳүжжетлер.

Елисей сарайындағы жоқары дәрежедеги ушырасыў ўақтында Президент Шавкат Мирзиёев Президент Эммануэль Макронға уллы француз жазыўшысы Виктор Гюгоның өзбек тилине аўдарылған «Күлимсиреген адам» романының биринши нусқасын саўға етти.

Бул китаптың ғалаба баспадан шығыўы ҳәм тез арада китапқумарлардың итибарына усынылыўы күтилмекте.

Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Франция исбилермен топарларының жетекши ўәкиллери менен ушырасыў өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы 2018 ҳәм 2022-жыллары усы мәмлекетке рәсмий сапарлары ҳәм 2023-жылға Самарқанд саммити де Франция исбилерменлери менен ушырасқан еди.

Форум әне, усы ашық ҳәм конструктив сөйлесиўдиң даўамы болды. Бул ретки ушырасыў онда Өзбекстанның жеке меншик компаниялары басшылары ҳәм ўәкиллери де қатнасқаны менен ажыралып турады.

Илажда Францияның сыртқы саўда ҳәм сырт елдеги француз пуқаралары ислери бойынша министр-делегаты Лоран Сен-Мартен, Франция раўажланыў агентлигиниң бас директоры Реми Риу, “MEDEF International” басшысы – “Orano Mining” компаниясының басқарыўшы баслығы Клод Имовен, сондай-ақ, еки мәмлекет жетекши компаниялары, инвестиция ҳәм банк-финанс институтларының 60 дан артық басшылары ҳәм ўәкиллери қатнасты.

Франция бизнеси тәрепинен SUEZ, Veolia, Total, EDF, Voltalia, Orano, Meridiam, Saint-Gobain, Imerys, Natixis, Societe Generale, BPI France, Airbus, MND, Eiffage, Schneider Electric, Total Energies, Alstom, Technip Energies, Egis, ADP Group, Ellipse Projects, Assystem, АТR ҳәм басқа компаниялар қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Франция Президенти Эммануэль Макрон менен өткен нәтийжели сөйлесиўлерди жоқары баҳалап, исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм биргеликтеги кооперациялық жойбарларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылғанын атап өтти.

Ушырасыўдың тийкарғы нәтийжеси сыпатында Өзбекстан – Франция қатнасықларын стратегиялық шериклик дәрежесине көтериў ҳаққында тарийхый қарар қабыл етилди.

Көп тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтиўде еки мәмлекет жетекши компаниялары әҳмийетли орын ийелеп атырғаны атап өтилди.

Франция исбилермен топарларының ўәкиллерине Жаңа Өзбекстандағы изге қайтпайтуғын экономикалық реформалар стратегиясын қоллап-қуўатлап атырғаны ушын миннетдаршылық билдирилди.

Быйыл январь айында “MEDEF” қурамындағы ири компаниялар басшыларының Ташкент қаласында сапарының нәтийжелери жоқары баҳаланды.

Франция компаниялары менен мәмлекетимиз экономикасының стратегиялық тармақларында бир қатар биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Бул мәмлекет инвестицияларын жедел тартыў ҳәм алдыңғы технологияларды енгизиў, Франция кәрханаларының шешимлери, топланған үлкен тәжирийбе ҳәм билимлерин қолланыўдан Өзбекстан мәпдар.

Өзбекстан Президенти Франция менен саўда-экономикалық байланысларды және де кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Франция компаниялары менен 2027-жылға шекемги дәўирге мөлшерленген инновациялық ҳәм саннат кооперациясы бағдарламасы оған хызмет етеди. Оған улыўма баҳасы 6,5 миллиард евро болған анық бағдар ҳәм жойбарлар киргизилген.

Бағдарламаны әмелге асырыў шеңберинде Францияның жетекши банк ҳәм финанс шөлкемлерин белсене тартқан ҳалда бизнес басламаларын қаржылай қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели қуралларының кеңнен енгизилиўи нәзерде тутылған.

Мәмлекетимиз басшысы әҳмийетли минерал ресурслардың перспективалы кәнлерин өзлестириў ҳәм оларды терең қайта ислеў, қурылыс материаллары, химия ҳәм фармацевтика тармақлары, электротехника санааты, аўыл хожалығында заманагөй өндирислерди шөлкемлестириў ҳәм басқаларды Өзбекстан – Франция исбилерменлик бирге ислесиўин және де раўажландырыўдың перспективалы бағдарлары сыпатында көрсетип өтти.

Энергетикада энергия ислеп шығарыў ҳәм сақлаў қуўатлықларын кеңейтиў, Өзбекстан аймақларында суў хожалығы, коммуналлық, туризм, транспорт инфраструктурасын модернизациялаў бирге ислесиўди раўажландырыўда үлкен имканиятқа ийе.

– Еки мәмлекет компаниялары қатнасыўындағы жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм жеделлестириў мақсетинде турақлы жумыс алып баратуғын Өзбекстан – Франция инвестициялық кеңесин шөлкемлестириўди усыныс етемен. Биз тәрептен оған Өзбекстан Бас министри басшылық етеди. Биринши ушырасыўды июнь айында Ташкент халықаралық инвестициялық форум шеңберинде өткериўимиз мүмкин. Ҳәммеңизди шөлкемлестирилип атырған кеңестиң толық ҳуқықлы ағзасы сыпатында болажақ илажда белсене қатнасыўға мирәт етемен,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Өз гезегинде, Франция исбилермен топарларының ўәкиллери бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша анық усыныс ҳәм режелерин билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы исбилермен топарлардың ўәкиллерине табыслар тилеп, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларына Өзбекстан Ҳүкимети тәрепинен таслыйықланған «жол карталары» тийкарында ерисилген келисимлердиң орынланыўы үстинен қадағалаўды тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берди.

Сапар шеңберинде Париж қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти Франция Республикасының жоқары сыйлығы – Ҳүрметли легион ордени менен сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Жоқары сыйлықты мәмлекетимиз басшысына Франция Президенти Эммануэль Макрон салтанатлы түрде тапсырды.

Өзбекстан Президенти еки мәмлекет бирге ислесиўин раўажландырыў, халықларымыз арасындағы дослық ҳәм өз-ара түсинисиўди беккемлеўге қосқан үлкен үлеси ушын усы орденге еристи.

Мәмлекетимиз жетекшиси сыйлық ушын Франция басшысына шын кеўилден миннетдаршылық билдирип, кейинги жыллары өнимли бирге ислесиўде жоқары нәтийжелерге ерисилгени, еки мәмлекет қатнасықлары стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Ҳүрметли легион ордени 1802-жылы шөлкемлестирилген. Францияда бул орден айрықша хызметлердиң мәмлекетлик дәрежеде тән алыныўы ҳәм даңқтың ең жоқары белгиси болып есапланады.

Франция Президенти Эммануэль Макрон Елисей сарайында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң ҳүрметине мәмлекетлик қабыллаў мәресимин шөлкемлестирди.

Қабыллаўда Өзбекстан ҳәм Франция рәсмий делегациялар ағзалары, белгили мәденият, көркем өнер ҳәм илим ғайраткерлери, исбилермен топарлар ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы Эммануэль Макрон ҳәм оның өмирлик жолдасы Брижит Макронға шын кеўилден қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, бүгин болып өткен сөйлесиўлер тарийхый әҳмийетке ийе екенин, олардың нәтийжесинде еллеримиз арасындағы қатнасықлары стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Франция жетекшиси бүгин өткерилген сөйлесиўлердиң нәтийжелерин ҳәм қол қойылған келисимлерди қоллап-қуўатлады.

– Бир неше жыл ишинде биз энергетика, суў ресурсларын басқарыў, коммуналлық хызметлер, транспорт, турақлы туризм сыяқлы әҳмийетли тараўларда узақ мүддетли бирге ислесиў байланысларын орнатыўға еристик. Оның дәлийли сыпатында Франция ҳүкимети ҳәм Франция раўажланыў агентлиги жәрдеминде француз компаниялары Өзбекстанға инвестиция киргизип атырғаны, аймақларда қосымша қун ҳәм жумыс орынларының жаратылып атырғаны, жаслар кәсип үйрениў, турмыста өз орнын таўып атырғанын келтириў мүмкин,-деди Эммануэль Макрон.

Тәреплер халықларымыздың абаданлығы жолында Өзбекстан – Франция бирге ислесиўин және де беккемлеўге исенимли умтылатуғынын билдирди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Францияға мәмлекетлик сапары шеңберинде БМШтың Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша шөлкеми (ЮНЕСКО) бас директоры Одри Азулени қабыллады.

БМШ системасындағы бул абырайлы структура менен нәтийжели бирге ислесиўди және де раўажландырыў мәселелери, сондай-ақ, усы жылдың гүзинде Самарқанд қаласында шөлкем Бас конференциясының 43-сессиясына таярлық көриў ҳәм оны өткериўдиң әмелий жақлары додаланды.

Көп тәреплемели шериклик бүгинги күнде жоқары дәрежеде екени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өзбекстанның басламасы менен мәлимлемеден пайдаланыў ҳәм балалар билимлендириўи мәселелери бойынша резолюциялар қабылланды.

Мәмлекетимиз Мәдений байлықларды сақлаў ҳәм реставрациялаў бойынша халықаралық орайға ағза болды. Бухара «Креатив қалалар тармағы»на қосылды. Самарқандтағы Жипек жолы университетинде ЮНЕСКО кафедрасы ашылды. Өткен жылы билимлендириў, мәденият, санлы ҳәм инновациялық технологиялар тараўларында 7 жаңа жойбарды әмелге асырыў басланды.

Туран шөллери ҳәм Зарафшан-Қарақум коридоры, пиллешилик, гүлалшылық, рубаб шертиў ҳәм ифтарлық дәстүрлери, «Бухара әмири дийўанханасының архиви», «Түркстан альбомы», «Худайберген Девонов фотоальбомы» ЮНЕСКОның арнаўлы дизимлерине киргизилди.

Самарқанд қаласында болажақ Бас конференцияның 43-сессиясы соңғы 40 жыл ишинде биринши мәрте ЮНЕСКОның Париж қаласындағы резиденциясынан басқа орында өткериледи. Бул ўақыя шөлкемниң 80 жыллығына туўра келетуғынын атап өтиў керек.

Бас директор Одри Азуле Өзбекстан менен нәтийжели бирге ислесиўди жоқары баҳалап, болажақ илажға кең көлемли таярлық көрилип атырғаны ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.

Әмелий бирге ислесиў бағдарламаларын және де кеңейтиў, сондай-ақ, ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы шеңбериндеги форум ҳәм илажларды шөлкемлестириў бойынша тығыз бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алынды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Францияға мәмлекетлик сапары даўам етпекте.

ӨзА