Ыссыханадан мол өним алыў режелестирилмекте

Соңғы жылларда үй алды қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыў менен бирге ыссыханалар шөлкемлестирилип, палыз өнимлерин ҳәм мийўелерди жетистириўге айрықша итибар қаратылмақта. Дастурханымыздың молшылығын тәмийинлеў ҳәм таза экологиялық өнимлерди пайдаланыў бағдарындағы жумыслар Шоманай районында да итибарға алынып, райондағы «Бег жап» АПЖ да жайласқан «Шоманай Мередиан» ЖШЖ ға қараслы ыссыханада помидор өними жетистирилмекте.
Бир ўақытлары айырым себеплерге байланыслы жумысы тоқтап қалған ыссыхананы район ҳәкимлиги тәрепинен қайта тиклеў мақсетинде жаңа исбилерменге берилген. Ыссыхананың бир гектар жерине Иран технологиясы тийкарында қулпынай егиўге таярлап қойылған болса, бир гектар жерине Корея технологиясы тийкарында помидор ҳәм болгар бурышы егилип, тәрбиясы берилмекте. Қуўанышлы тәрепи, бул жерде жумыссыз пуқаралардың бәнтлиги тәмийинленбекте. Гүллеп, өним бериўге отырып атырған помидорлар апрель айының басларында писип жетилисиўи күтилмекте.


-Үш жылдан берли жумысы тоқтап қалған ыссыханының жумысын тиклеп, иске қосқанымызда бираз қыйыншылықлар болды. Жер өз структурасын бузған, котёл системалары, механизмлер истен шыққан еди. Барлығын қайта ислеп шығып, жумысты усы жылдың январь айынан басладық. Бухара ўәлаятынан помидор нәлиниң Японияның соката сортын алып келип отырғыздық. Мине, ҳәзир жумысларымыз жақсы. Енди апрель айының басларына өним алып баслаймыз. Бул Кореяның тамшылатып суўғарыў технологиясы бойынша әмелге асырылып атырған болса, жақында ыссыханамыздың екинши бөлимине Эран мәмлекетиниң технологиясы бойынша қулпынай егиўди жобаластырып атырмыз,-дейди ыссыхана агрономы Жумағалий Мамбеткаримов.
Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги