Бала ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин тәмийинлеў мәселелери додаланды

Балалар омбудсманына өткен жылы Өзбекстан Республикасы ҳәм сырт мәмлекетлер пуқаралары, омбудсманлар, пуқаралығы болмаған шахслар, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм басқа юридикалық тәреплер тәрепинен жәми 1 мың 64 мүрәжат келип түскен. 2023-жылға салыстырғанда мүрәжатлар салмағы 2,4 есеге артқан.
Бул мағлыўматлар Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Жаслар, ҳаял-қызлар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитети мәжилисинде атап өтилди.
Мәжилисте Олий Мажлистиң Бала ҳуқықлары бойынша ўәкили (Балалар омбудсманы)ның бала ҳуқықлары ҳаққындағы нызамшылыққа мәмлекетлик уйымлар тәрепинен әмел етилиўи ҳаққындағы баянаты көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, 2024-жылы бала ҳуқықлары тараўындағы нызамшылықтағы машқалаларды таллап алыў тийкарында мәмлекетлик уйымлары менен шөлкемлерине 40 таллап алынған мәлимлемер киргизилген.
Пуқаралардың мүрәжатлары ҳәм балаларға байланыслы пайда етилген жынаятларға тийисли суд хабарнамалары тийкарында Балалар омбудсманы ҳәм оның секретариаты хызметкерлери 46 пуқаралық, жынайый ҳәм ҳәкимшилик ислер бойынша судларда бақлаўшы сыпатында қатнасқан.

Бала ҳуқықлары бойынша ўәкилдиң 35 жеке қабыллаўы шөлкемлестирилген болып, оларда физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң жәми 160 мүрәжати көрип шығылған.
Балалар омбудсманы мүрәжатлар таллап алыныўы ҳәм мониторинги тийкарында мәмлекетлик уйымлар тәрепинен бала ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплери бузылыўына жол қойылғаны бойынша мүнәсибет билдирип, 9 ескертиў, 3 усыныс хаты, 18 жуўмақ ҳәм суд ҳүжжети үстинен протест келтириў ҳаққында 6 өтиниш хатын киргизген.
Илажда министрлик ҳәм уйымлар ўәкиллериниң Өзбекстан бала ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў тараўындағы реформлар, нызам менен қарама-қарсылықта болған балалардың жағдайы ҳәм айырым тараўларда баланың ең жоқары мәплерин тәмийинлеўге байланыслы мәселелер бойынша пикир усыныслары тыңланды.
Мәжилис жуўмағында көрип шығылған мәселе бойынша комитеттиң тийисли қарары қабыл етилди.
ӨзА