ИИМ: шахсқа байланыслы мағлыўматларды қорғаўға қаратылған жедел мәжилис өткерилди

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигинде мәмлекетимизде жынаятшылыққа қарсы гүресиў, криминогенлик жағдайды турақластырыў ҳәм шахсқа байланыслы мағлыўматларды қорғаў мәселелерин жетилистириўге қаратылған ўазыйпалардың орынланыўы бойынша жедел мәжилис өткерилди.
Илажда Президент администрациясының жуўапкерлери, Ишки ислер министрлиги ҳәм тараўлық хызметлердиң басшылары, Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлар прокурорлары ҳәм Ишки ислер уйымларының баслықлары қатнасты.

Мәжилисте жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик қәўипсизликти тәмиийнлеў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ўақтында алдын алыўға қаратылған ўазыйпалардың орынланыўы, кадрлар менен ислесиў ҳәм хызмет нормативи ҳәм нызамлылықты тәмийинлеў бағдарларында әмелге асырылған жумыслар сын көзқараста көрип шығылып, анықланбаған машқалаларды сапластырыў бойынша анық ўазыйпалар белгиленди.

Мәжилисте шөлкемлестириў мәселелери көрилди. Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли қарары менен Әндижан ўәлаяты ИИМ баслығы лаўазымын ийелеп келген полковник Аюбхон Раҳматуллаев Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң биринши орынбасары лаўазымына тайынланды.

Илажда, сондай-ақ, шахсқа байланыслы мағлыўматлар ҳаққындағы нызамшылық талапларынан келип шығып, оларды қорғаў бағдарларын жетилистириў мәселелерине итибар қаратылды. Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли бийлиги менен Ишки ислер министрлиги жанындағы Миграция ҳәм персоналластырыў департаменетиниң басшысы лаўазымына полковник Улығбек Тошҳўжаев тайынланды.
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тараў жуўапкерлериниң усыныс ҳәм пикирлери тыңланып, жаңа тайынланған басшыларға тийисли тапсырмалар берилди.
Н.Абдураимова, ӨзА