Кимлерге Өзбекстаннан шығыў қадаған етиледи?

337

Кейинги жыллары мәмлекетимизде суд-ҳуқық тараўын және де демократияластырыў ҳәм пуқаралардың конституциялық ҳуқықларын жүзеге шығарыўға қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Жаңа редакциядағы Конституцияда пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў бағдарындағы ең әҳмийетли кепилликлерден бири сыпатында ҳуқықбузарлықлардан жәбирленгенлердиң ҳуқықларын нызам менен қорғаў, жәбирленгенлерге жеткерилген зыянның орны қапланыўы ушын мәмлекет шараятлар жаратыўы белгиленди.

Бирақ, жынаят ислеген шахсларды қамаққа алыў ис шарасы қолланылмаған жағдайларда бул шахслар Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик шегарасынан шығып кетип, сорастырыў, тергеў ямаса судтан жасырыныў жағдайлары бақланбақта. Статистикалық мағлыўматларға бола, излеў жәрияланған шахслардың  89 проценти сырт елге кеткен. Нәтийжеде жынаяттан жәбирленген шахслардың ҳуқықларын тиклеў, оларға жеткерилген зыянларды қаплаў имканияты төменлемекте.

Парламент төменги палатасының мәжилисинде биринши оқыўда көрип шығылған жынаят процесинде мәжбүрлеў илажлары институтын жетилистириўге қаратылған нызам жойбары усы мәселелерге тийисли болып табылады.

Атап өтилгениндей, бул нызам жойбары менен айырым нызам ҳүжжетлерине гүманланыўшы, айыпланыўшы ямаса судланыўшыға қамаққа алыў ис шарасы қолланылмаған, бирақ Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик шегарасынан шығып кетип, сорастырыў, дәслепки тергеў ямаса судтан кеширимли себеплерсиз бас тартыўы мүмкин екенлигине жетерли тийкарлар болғанда, сорастырыўшы, тергеўши, прокурор ямаса суд тәрепинен олардың Өзбекстан Республикасынан шығыў ҳуқықын ўақтынша шеклеп қойыў тәртиби белгиленбекте.

Өзбекстаннан шығыўы шекленген пуқараға бир қатар жағдайларда бурынғысынан басқаша тәризде белгили бир мүддетке сырт елге шығыўына руқсат бериледи. Атап айтқанда, сырт елде жынаят процесинде қатнасыўы ушын, денсаўлығы төменлеп, Өзбекстан аймағында медициналық жәрдем көрсетиў имканияты болмағанда ҳәм жақын ағайини қайтыс болғанда руқсат бериледи.

Бул нызам жойбарының қабыл етилиўи жәбирлениўшиниң конституциялық ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин қорғаўға, оның нызамлы ҳуқықлары менен мәплерине зыян келтирилиўиниң алдын алыўға хызмет етеди.

Додалаўларда бир қатар сораўлар ортаға тасланды ҳәм тийисли жуўаплар алынды.

Муҳтарама Комилова, ӨзА