ЕА ҳәм Орайлық Азия бирге ислесиўи кеңеймекте

330

Быйыл 12-18-март күнлери  Европа Аўқамы Халықаралық бирге ислесиў бойынша комиссары Йозеф Сикела Орайлық Азияның бес мәмлекети бойлап сапар етеди. Бул ҳаққында ЕАның Өзбекстандағы ўәкилханасының мәлимлеме хызмети хабар берди.

Мәлим етилиўинше, бул сапар етиў арқалы ЕА ҳәм регион мәмлекетлери бирге ислесиўин беккемлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, турақлы экономикалық өсиўди қоллап-қуўатлаўға қаратылған «Глобал дәрўаза» (Global Gateway) стратегиясын кеңейтиў мақсет етилген.

Комиссар Сикела Орайлық Азия Европа Аўқамының әҳмийетли шериги екенин атап өтип, өз-ара қатнасықларда үлкен имканият бар екенлигин билдирди. Оның сөзлерине бола, глобал машқалалар беккем шериклик зәрүр екенлигин және бир мәрте тастыйықламақта, ЕА регионда әмелге асырылып атырған жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыўға умтылмақта.

Сапар даўамында транспорт, әҳмийетли шийки зат, санлы байланыс, суў ҳәм энергетика бағдарларындағы улыўмалық ҳәрекетлер додаланады. Соның ишинде, Транскаспий транспорт коридорын жетилистириў, тәбийғый ресурслардан нәтийжели пайдаланыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, интернет тезлигин арттырыў, экологиялық таза ҳәм арзан энергия дереклерин кеңейтиў бойынша бир қатар келисимлерге қол қойылыўы режелестирилген.

Мырза Сикеланың регионымыз бойлап сапары Өзбекстанда жуўмақланады. Комиссар елимизде ҳүкимет ҳәм бизнес ўәкиллери менен ушырасып, Алмалық кән-металлургия комбинатына барады. Сондай-ақ, санлы инфраструктураға байланыслы келисимлерге қол қойылыўы да күтилмекте.

ЕАның «Team Europe» принципине тийкарланған бул сапар етиў даўамында Европа қаржы институтлары – Инвестиция ҳәм Тиклениў ҳәм раўажланыў банки, жеке меншик сектор ўәкиллери қатнасады.

Бизге белгили, апрель айында Европа Аўқамы – Орайлық Азия саммити, июньда болса «Global Gateway» форумы өткериледи. Усы сапар етиў процесинде додаланған жойбарлар әмелиятқа қолланылыўы да күтилмекте.

«Глобал дәрўаза» ЕАның санлы, энергетика ҳәм транспорт тараўларында ақыллы, экологиялық таза ҳәм қәўипсиз байланысларды раўажландырыўға қаратылған стратегиясы болып, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, илимий изертлеў системаларын беккемлеўге үлес қосады.

Н.Зиёдуллаева таярлады.

ӨзА