Коррупцияға қарсы гүресиў улыўмамиллий ҳәрекет дәрежесине көтерилди

Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы ҳәм оның Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы фракциясының биргеликтеги мәжилиси болып өтти.
Онда усы жыл 5-март күни Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында өткерилген Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша миллий кеңесиниң кеңейтилген мәжилисинде белгиленген әҳмийетли ўазыйпалар ҳәм басламалардан келип шығып, партия ҳәм оның фракциясы алдында турған тийкарғы ўазыйпалар додаланды.
– Елимизде коррупция иллетине қарсы гүресиў, оның ҳәр қандай көринисине шек қойыў мәселеси улыўмамиллий ҳәрекет дәрежесине көтерилди, – деди партия Сиясий Кеңесиниң баслығы Робахон Маҳмудова. – Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша бир қатар нызамлар қабыл етилди, парламент ҳәм ҳүкимет дәрежесинде өз алдына структуралар шөлкемлестирилди. Соның менен бирге, бюрократияның алдын алыў, ашық-айдынлықты тәмийинлеў, мәмлекетлик хызметлерде электрон системаларды енгизиў арқалы коррупцияллық факторларды сапластырыў жолында салмақлы жумыслар әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысының баянатында тараўдағы кемшиликлер атап өтилип, анық ҳәм әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди. Бул ўазыйпалар болса партия ҳәм фракция ушын қолланба болып хызмет етеди. Партия шөлкемлеримиз ҳәм депутатлық бирлеспелеримиз коррупция иллетине қарсы гүресиўде жәмийетлик ҳәм депутатлық қадағалаўды басқышпа-басқыш әмелге асырыўы, тараў ҳәм тармақлардың ишине кирип барыўы керек, – деди фракция басшысы.

Мәжилисте шығып сөйлегенлер коррупция барлық тараўдағы реформалардың нәтийжесине унамсыз тәсир ететуғынын, мәмлекеттиң ҳәм жәмийеттиң раўажланыўына тосық болатуғынын айрықша атап өтти. Сонлықтан да оған қарсы кескин қатнасты қәлиплестириў үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилип, бир қатар усыныслар билдирилди.

Партияның бул бағдардағы жумысын буннан былай да жеделлестириў зәрүрлиги атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен партия басшылығы усы жылдың апрель айын «Коррупцияға қарсы гүресиў айлығы» деп жәриялаўды усыныс етти. Усы айлық шеңберинде партияның басламасы менен нызам дөретиўшилигинде коррупцияға байланыслы жынаятлар ушын жазаны күшейтиў, жәмийетшиликтиң қатнасыўын кеңейтиў, мәплер соқлығысыўының алдын алыў ҳәм адам факторын қысқартыўға қаратылған илажлар әмелге асырылыўы зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилис даўамында партия Сайлаў алды бағдарламасында нәзерде тутылған денсаўлықты сақлаў системасында «Ақыллы медицина» системасының ҳуқықый тийкарларын жаратыў, «Электрон поликлиника» ҳәм басқа да санлы платформаларды енгизиў, тараўды «коррупциядан жырақ» тараўға айландырыў, фармацевтика тараўы хызметкерлери ҳәм медицина қәнигелери арасындағы жасырын келисимлер ҳәм нызамсыз сөйлесиўлердиң алдын алыў сыяқлы жумысларды әмелге асырыў зәрүрлигине итибар қаратылды.

Коорупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиўде мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳәм жәмийтшилик пенен тығыз ҳәм нәтийжели бирге ислесиў айрықша әҳмийетке ийе екени айтып өтилди. Усы мүнәсибет пенен илаж даўамында Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы ҳәм Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги арасындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўға қаратылған меморандумға қол қойылды.
Мәжилис жуўмағында ортаға тасланған усыныслардан келип шығып, тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынып, тийисли қарар қабыл етилди.
Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы