Парижда болып өткен «Өзбекстан -Франция» биринши медицина форумынан фоторепортаж

280

10-март күни Париж қаласында «Өзбекстан -Франция» биринши медицина форумы болып өтти.

Өз-ара бирге ислесиўдиң жаңа шеклерине бағышланған бул абырайлы илаж  Европа  ҳәм Сыртқы ислер министрлиги Экономикалық дипломатия директоры Людовик Пуйе, Өзбеккстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри  Асилбек Худоёров ҳәм “French Healthcare”  ассоциациясы Президенти Жан-Пъер Боффиниң кирис сөзлери менен басланды.

Форум шеңберинде онкология, тез медицианлық жәрдем, қәнигелердиң маманлығын арттырыў сыяқлы бағдарларда панель додалаўлар  ҳәм “B2B” сөйлесиўлери өткерилди.

Сөйлесиў даўамында  еки мәмлекеттиң  клиникалары ҳәм емлеўханалары арасында тиккелей бирге ислесиў қатнасықларын беккемлеў мәселесине айрықша итибар қаратылды.



Отабек МИРСОАТОВ (Сүўрет) , ӨзА