“AgroWorld Uzbekistan-2025” халықаралық көргизбеси өз жумысын баслады

Ташкенттеги «Өзэкспоорай» орайлық көргизбелер комплексинде «AgroWorld Uzbekistan-2025» жигирмаланшы халықаралық көргизбеси ашылды.
«Iteca Exhibitions» халықаралық көргизбе компаниясы ҳәм оның шериги «ICA Eurasia Group» тәрепинен жергиликли бирге ислесиўшилердиң жәрдеминде шөлкемлестирилген бул көргизбеге 23 мәмлекеттен 130 дан аслам компания қатнаспақта.
Көргизбениң ашылыўында аўыл хожалығы Өзбекстанның жалпы ишки өнимин қураўда жетекшилик етип атырғаны ҳәм өним ислеп шығарыўдың турақлы өсиў пәтлерине ерисип атырғаны атап өтилди.
«AgroWorld Uzbekistan» агросанаат тарўында әҳмийетли илаж болып, быйыл өзиниң юбилейин белгилеп атырғанын атап өтиў керек. Көргизбе аўыл хожалығында инновациялар ҳәм заманагөй трендлерди усыныў, оларды өндириске енгизиў, жергиликли бизнести раўажландырыў ҳәм экспортты кеңейтиў ушын исенимли платформа сыпатында көзге тасланды. 2006-жылдан берли көргизбеде 43 мәмлекеттен 1 мың 846 компания қатнасқан.


«Iteca Exhibitions» халықаралық көргизбе компаниясы бас директорының орынбасары Ойимхон Бобожонованың сөзлерине қарағанда, көргизбелерди шөлкемлестириўдеги унамлы қатнас, санаат ҳәм базар талапларын ҳәр тәреплеме үйрениў «AgroWorld Uzbekistan»ның нәтийжели концепциясын белгилеп берди.
– Солай етип, қәнигелер пүткил өндирислик шынжыр: аўыл хожалығы егинлерин жетистириў ҳәм шарўа маллары және қусларды көбейтиўден баслап, жыйын-терим, қайта ислеў ҳәм сақлаўға шекемги процесслерди әсбап-үскенелер ҳәм технологиялар менен танысыў имканиятына ийе болады. Быйыл көргизбеде Өзбекстан, Бельгия, Венгрия, Германия, Дания, Ҳиндстан, Испания, Италия, Қазақстан, Қытай, Корея Республикасы сыяқлы мәмлекетлерден 130 дан аслам компания өз имканиятларын усынбақта. Дәстүрге бола, Түркия 12 компаниядан ибарат миллий стендти көрсетип атыр. Японияның сыртқы саўданы раўажландырыў шөлкеми (JETRO) көргизбеге биринши мәрте қатнаспақта, бул итибарға ылайық ўақыя болып табылады. Ол агросанаат секторы ушын инновациялық шешимлерди усыныс ететуғын 13 жетекши япон компаниясының имканиятларын ҳәм мәплерин көрсетеди. Көргизбениң басқа дебютантлары арасында Испанияның «Agricola» кәрханасы мийўелерди сортлаў ҳәм қайта ислеў, Италияның «ROTA GUIDO» компаниясы болса таяр шарўашылық фермаларын қурыў үскенелерин усынып атыр, – деди О.Бобожонова.
Дәстүрге бола, көргизбениң екинши күни, 12-мартта Фермерлер күни илажы өткериледи. Онда көргизбе қатнасыўшылары фермер ҳәм дийқан хожалықларының басшылары ҳәм бас қәнигелери менен ушырасады.
Насиба Зиёдуллаева,
Ойбек Пардаев (фото), ӨзА