Муғаллимлер олимпиадасының республикалық басқышына старт берилди

Пайтахтымызда Муғаллимлер олимпиадасының республикалық басқышы болып өтпекте. Сынақлар 2 пән бағдары бойынша еки (жазба жумыс, лаборатория) басқышта шөлкемлестирилген.
Бүгин қатнасыўшылар физика пәни бағдары бойынша жазба жумыс және химия пәнинен лаборатория сынақларына қатнаспақта. Процесслер Абдулла Авлоний атындағы педагогикалық шеберлик миллий институты ҳәм Әбиў Әлий Ибн Сино атындағы қәнигелестирилген мектепте шөлкемлестирилген.

Қатнасыўшыларға жазба жумыс ушын 3 саат, лаборатория тапсырмаларына 2 саат ўақыт ажыратылатуғынын мағлыўмат орнында айтыў керек. Сондай-ақ, 12-март күни физика пәнинен лаборатория ҳәм химия пәнинен жазба жумыс сынақлары болып өтеди. Жеңимпазлар 13-март күни сыйлықланады.

Олимпиадада пәнлер кесиминде жоқары нәтийжелерди көрсеткен 3 қатнасыўшыдан жәми 6 қатнасыўшы жеңимпаз, деп табылады. Сондай-ақ, ең жоқары нәтийже көрсеткен 10 қатнасыўшы Пән олимпиадалары орайының «Илимий кеңес» ағзалығына қабыл етиледи.
Муҳайё Тошқораева,
ӨзА