Франция раўажланыў агентлиги менен бирге ислесиў беккемленбекте

Мәмлекетимиздиң инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов Өзбекстан Республикасы ҳәм Франция раўажланыў агентлиги (AFD) арасындағы 6-жыллық мәсләҳәтлесиўде қатнасты. Илажда “Proparco” ҳәм “Expertise France” ўәкиллери, жетекши экспертлер ҳәм исбилерменлер қатнасты.
Сөйлесиў ўақтында биргеликте ерисилген жетискенликлер ҳәм экономикалық раўажланыўдың жаңа имканиятлары додаланып, реформаларды қоллап-қуўатлаў, инфраструктура жойбарларын әмелге асырыў ҳәм «жасыл» экономиканы раўажландырыўға қаратылған бирге ислесиў нәтийжеси шығарылды. AFD елимизде халықтың турмыс дәрежесин арттырыў, экологиялық ҳәм социаллық машқалаларды шешиў, жеке меншик секторды қоллап-қуўатлаўға мүнәсип үлес қосып атырғаны атап өтилди.

Соңғы жылларда Өзбекстан менен Европа Аўқамы арасындағы саўда ҳәм инвестициялық қатнасық беккемленгени атап өтилди. Мәселен, 2024-жылы товар алмасыў баҳасы 6,4 миллиард долларды қурап, алдынғы мәўсимге салыстырғанда 5,2 процент өскен. Мәмлекетимиз 6200 түрдеги өнимимиз ески континент базарына шығарыў имканиятын беретуғын GSP+ бағдарламасы шеңбериндеги статусынан нәтийжели пайдаланғаны табыслы факторлардан бири болып есапланады. Бүгинги күнде товарларымыз ЕА базарына кирип, экспортты диверсификациялаў, ислеп шығарыўшыларымыздың сырт елдеги қатнасыўын кеңейтиўге хызмет етпекте.
Ҳәзирги ўақытта республикамызда улыўма 30 миллиард евродан аслам инвестициялық жойбар әмелге асырып атырған мыңнан аслам Европа компаниясы жумыс ислемекте. Бул процессте Франция тәжирийбеси санаат стратегиясын ислеп шығыў, регионаллық раўажланыў бағдарламалары ҳәм жеке меншик секторды беккемлеўге қаратылған реформаларды қоллап-қуўатлаў арқалы экономикалық өсиўдиң қосымша драйверине айланыўы мүмкин.
Соның менен бирге, тәреплер аймақлараралық қатнасықты тереңлестириў, қосымша қаржылай ресурслар тартыў, оғада әҳмийетли шийки зат тараўындағы бирге ислесиўди және де раўажландыратуғын бир қатар әҳмийетли бағдарларды белгилеп алды.
Усы тараўларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде Өзбекстанда пайдалы қазыламалар қазып алыў тараўында Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен биргеликте ислеп шығылған нормативлик ҳүжжетлер қабыл етилди. Бул қәдем халықаралық стандартқа сәйкес келеди ҳәм мәмлекетимиз таў-кән санаатына инвестиция тартыў ушын қосымша шараят жаратады.
Илаж соңында қатнасыўшылар Өзбекстан менен Франция раўажланыў агентлиги арасындағы бирге ислесиўдиң және де тереңлесиўи, инвестиция, инновация ҳәм турақлы экономикалық өсиў тәмийинленип атырған жетекши орайға айланыў жолында қәдем таслап атырған елимизде Европа компаниялары ушын жаңа имканиятлар ашылатуғынына исеним билдирди.
М.Пирматова ӨзА