Электр тәмийнаты шөлкемлеринде коррупцияға қарсы гүресиў илажлары күшейтилмекте

Бүгинги күнде коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланды.
Әсиресе, мәмлекетлик кәрханалар ҳәм тармақларда ашық-айдынлықты тәмийинлеў, нызамсыз ҳәрекетлердиң алдын алыў мақсетинде системалы илажлар көрилмекте. Усы көзқарастан, «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийетинде де бул бағдардағы жумыслар және де күшейтилмекте.
«Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийетиниң коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм комплаенс қадағалаў хызмети баслығы Ҳусниддин Алламуродов төмендегилерди мәлим етти:
– Быйылғы жылдың 5-март күни Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилген мәжилисте коррупцияға қарсы гүресиў бойынша ең әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди. Онда мәмлекетимизде коррупцияға қарсы кескин илажлардың көрилиўи, ҳәр бир мәмлекетлик хызметкер ҳәм пуқараның бул иллетке қарсы гүресиўде жуўапкершилигин және де арттырыў мәселелерине итибар қаратылды.
Соннын келип шығып, жақында «Аймақлық электр тармақлары» АЖда коррупцияның алдын алыў бойынша алып барылып атырған жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм бул бағдарда әмелге асырылыўы зәрүр болған әҳмийетли ўазыйпаларға бағышланған мәжилис өткерилди.
Коррупцияға қарсы гүресиўде тийкарғы итибар бул иллеттиң келип шығыўына имканият беретуғын шараятларды саплатсырыўға қаратылмақта. Сол себепли, мәжилисте ҳәр бир шөлкем ҳәм пуқара алдында коррупциясыз келешекти қурыў ўазыйпасы турғаны атап өтилди.
Мәжилисте «Аймақлық электр тармақлары» АЖ ҳәм оның қурамындағы филиал ҳәм кәрханаларының хызметкерлери тәрепинен нызамсыз ҳәрекетлердиң алдын алыў, олардың келип шығыўына жол қойып атырған факторларды сапластырыў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, системада бар ҳуқықбузарлықлар сын көзқараста талланды.
Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы тәрепинен белгиленген тийкарғы ўазыйпалардың мазмун-мәниси, сондай-ақ, тараўда әмелге асырылыўы зәрүр болған жумыслар додаланды.
Сондай-ақ, коррупциялық жағдайлардың алдын алыўға қаратылған санластырыў процесслерин даўам еттириў, комплаенс қадағалаў хызметлериниң жумысын қайта көрип шығыў ҳәм және де жеделлестириў бойынша усыныслар берилди. Тараўдағы коррупцияға қарсы илажларды күшейтиў, атап айтқанда, халықаралық қаржы институтларының қатнасыўында әмелге асырылып атырған жойбарларда ашық-айдын система жаратыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Барлық хызметкерлерге коррупция жағдайларына жол қоймаў ҳәм оның алдын алыў бойынша биргеликте ҳәрекет етиў бойынша түсиниклер ҳәм көрсетпелер берилди.
Насиба Зиёдуллаева, ӨзА