«Ақлвой» автобусы менен алыс аўыллардағы оқыў сабақлары басланды

304

Жақында Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен мобиль тәжирийбе арттырыў хызметлери тийкарында шөлкемлестирилген автобус Қарақалпақстан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайы ушын да ажыратылып, бул мобиль тәжирийбе арттырыў хызметлери республикамыздың алыс ҳәм шетки аймақларында жайласқан мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң педагог кадрлары ушын өз жумысларын баслап жиберди.

Мобиль тәжирийбе арттырыў хызметлери аудитория көринисиндеги қайта үскенеленген автобус негизинде шөлкемлестирилген болып, бул автобус бир ўақыттың өзинде 14 педагогқа сабақ өтиў ушын оқыў орынлары, 10 NR маркалы ноутбук, 1 дана 65 дюймлы интерактив монитор, жазыў доскасы, 1 интернет тарқатыўшы қурылма WI FI router менен қайта үскенеленген.

Бул автобустан узақ ҳәм шетки аймақларда жасайтуғын мәмлекетлик ҳәм жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң педагог кадрлары ушын мобиль қәнигелик арттырыў хызметлерин көрсетиў, яғный, үзликсиз кәсиплик раўажландырыў (“методикалық шеберлик күни” ҳәм “методикалық шеберлик сабағы”) илажларын тийисли аймақларға барған ҳалда өткериў, тренинг, семинар ҳәм басқа да илажларды шөлкемлестириў мақсетинде пайдаланылады.

Бүгин усы арнаўлы автобус Нөкис қаласындағы қалаға узақ Қаратаў МПЖ аймағында жайласқан 44-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине барып, бул жердеги педагогларға өзлери жасайтуғын ҳәм жумыс ислейтуғын орынларынан узақласпаған ҳалда үзликсиз кәсиплик раўажланыўы, билимлерин жаңалаўы ушын имканият жаратылды.

Бул жерде тәжирийбе-сынаў тәризинде Мектепке шекемги баслаўыш ҳәм арнаўлы тәлим методикалары кафедрасының оқытыўшылары тәрепинен шөлкемниң педагог кадрлары ушын мобиль қәнигелик арттырыў курсы  шөлкемлестирилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 30-сентябрьдеги “Мектепке шекемги билимлендириўдиң сапасы ҳәм нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы пәрманы ҳәм Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң усы жыл 19-февральдағы арнаўлы буйрығының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде оқыў бағдарламасы ислеп шығылған. Оқыў бағдарламасында ҳәр қыйлы темалар орын алған болып, мәселен “Гөззал бәҳәр” темасында, ерте жастан балалардың сүўрет салыўы, сүўрет салыўда қолланылатуғын усыл ҳәм технологиялар ҳаққында түсиник бериў, “Мәўсимлик өзгерислер” темасында тараўлар тийкарында мақсетлерди белгилеў, темадағы мақсетлерди әмелге асырыў усыллары, технологиялары, билимлендириў жумысында пайдаланылатуғын көргизбели ҳәм тарқатпа қураллар, “Халық дереклери” темасында балаларды миллий қәдириятлар, дәстүрлер тийкарында раўажландырыўдың нәтийжели усылларын үйретиў ҳәм басқа да усы сыяқлы әҳмийетли ўазыйпалар белгиленген.

– Мобиль қәнигелик арттырыў курсында  усы тема ҳәм бағдарларда тийисли сабақлар өтилип, бул алыс елатлы пункттеги мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде жумыс ислеп атырған ҳаял-қызлар Нөкиске әўере болып келип, қәнигелигин арттырыў сабақларына қатнаўдан қутылып, өз шаңарағының жанында болыўына имканият жаратты,-дейди  Мектепке шекемги баслаўыш ҳәм арнаўлы тәлим методикалары кафедрасының баслығы Байрамбай Утемуратов.





Бул бағдардағы жумыслар белгиленген график тийкарында республикамыздың басқа да узақ аўылларындағы шөлкемлерде әмелге асырылыўы белгиленген.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги