Ақыллы ҳәм меҳрибан ҳаял-қызлар – заманымыз қаҳарманлары

210

Көксарай резиденциясында Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен  байрам илажы болып өтти.

Илаж алдында   Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйлеп, ҳүрметли аналар, әзиз апа-қарындасларды қызғын қутлықлады. Ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм мәплерин толық  тәмийинлеў, қәдир-қымбатын улығлаў мәмлекетимиз сиясатында  жетекши орында екенин атап өтти.


Атап айтқанда,  2017-жылы басқарыў тараўында хызметкерлердиң орташа 20  процентин  ҳаял-қызлар қураған болса, ҳәзирги ўақытта бул сан 35 процентке жетти. Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатларының 38 процентин, Сенат ағзаларының 27 процентин ҳаял-қызлар қурамақта.

Бул жәмийетимиздиң раўажланыўына да унамлы тәсир етпекте. Ең әҳмийетлиси, ақыллы, билимли ҳәм талантлы ҳаял-қызлар мәмлекет ҳәм жәмийеттиң  барлық тараўларында үлги болмақта.


Өткен жылы  Олимпиада ҳәм Паралимпиада  ойынларында ҳаял-қыз спортшыларымыздың үшеўи алтын, сегизи гүмис, үшеўи бронза медалын қолға киргизди. Мәденият  ҳәм көркем өнер  тараўындағы абырайлы халықаралық таңлаўларда 25, мәмлекет көлеминдеги таңлаўларда болса 71 талантлы қыз жеңимпаз болды.

Президентимиз ҳаял-қызлардың аўырын жеңил  етиў, оларға қосымша шараятлар жаратыў мәселелерине айрықша итибар қаратты.


– Үй  жумыслары ҳәм перзент тәрбиясынан артып, билим алып атырған, мийнет етип атырған ҳәм исбилерменлик пенен шуғылланып  атырған ҳаял-қызлар заманымыздың ҳақыйқый қаҳарманлары, десек, дурыс болады. Жаңа Өзбекстанда  ҳаял-қызлардың аўырын жеңил етиў, олар ушын барлық  тараўларда зәрүр шараятларды жаратып бериў бәрқулла мәмлекетлик сиясаттың ең тийкарғы бағдарларынан бири болып қалады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Сонлықтан, жаңаланған Конституциямыздағы социаллық мәмлекет принципине муўапық, ҳаял-қызларды социаллық қорғаў да жаңаша шөлкемлестирилмекте. Быйылғы жылы  майыплығы болған 162 мың ҳаял-қызға санаторий, емлеўхана ҳәм өзлери жасап атырған мәҳәлледе медициналық жәрдем көрсетиледи, бағыўшысын жойытқан 130 мың ҳаял-қызға материаллық жәрдем бериледи, және 6 мыңының  турақ жай шараятлары жақсыланады, мийнетке  жарамлы ҳаял-қызлар жумысқа жайластырылады.


Сондай-ақ, ҳәр жылы аўыр жағдайға түсип қалған 50 мың ҳаял-қыз мәмлекетимиздеги пайызлы жерлерге оқыў ҳәм дем алыў ушын жибериледи.

Ҳаял-қызлардың  саламатлығы – ҳәр тәремлеме саламат ҳәм қүдиретли жәмийет тийкарғы болып есапланады. Усы мақсетте, 230 туўыў мәкемеси 21 мың ең заманагөй медициналық үскенелер менен тәмийенленеди. Буннан тысқары,  быйылғы жылда 1,5 миллион ҳаял-қызда рак кеселлигин ерте анықлаў мақсетинде скрининглер өткериледи.


Қыз баланың оқыўы пүткил  шаңараққа пайда келтиретуғыны және  бир мәрте атап өтилди. Егер шаңарақ билимли, ағартыўшы болса, жәмийеттиң санасы, мәдений дәрежеси де жоқарылайды.

Студентлердиң 52 проценттен артығын ҳаял-қызлар қурағаны, мине, усы жақсы идеяның әмелий нәтийжеси деп атап өтиў мүмкин. Өткен жылдың өзинде магистратурада оқып атырған 15 мыңға шамалас ҳаял-қызларға 100 миллиард сумға шамалас контракт пулы төлеп берилди.


Ҳәзирги ўақытта 6 мың 200 ден аслам ҳаял-қызлар илимий жумыс пенен шуғылланып атырғаны, илимий қолланбалардың 25 процентин илимпаз ҳаял-қызлар  жаратып атырғаны да, жәмийетте олардың орны беккемленип баратырғанына дерек береди.

Ҳәр бир шаңарақтағы қызлар бақша, мектеп пенен толық қамтып алыныўы, заманагөй кәсип-өнер ҳәм шет тиллерин ийелеўи, жоқары мағлыўматқа ийе болыўы ушын буннан былай да барлық шараятлар жаратылады. Атап айтқанда, быйыл 250 мың қыз  жоқары билимлендириўге қамтып алынады. Бул 2017-жылға салыстырғанда 3,5 есеге көп. Және 250 мың ҳаял-қыз кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытылады. «Жарқын келешек» жойбары  шеңберинде кеминде 200 қыз ҳәр  жылы  дүньяның  абырайлы жоқары оқыў орынларына оқыўға жибериледи.


Мәмлекетимиз басшысы ҳаял-қызлардың бәнтилигин тәмийинлеў ҳәм исбилерменликке тартыў мәселелерине айрықша тоқтап өтти.

Усы бағдардағы әмелий қәдем сыпатында Саўда-санаат палатасы жанында Исбилермен ҳаял-қызлар кеңесин шөлкемлестириў басламасын алға қойды. Бул кеңес орынларда ҳаял-қыз исбилерменлерди қыйнап атырған турмыслық машқалаларды шешиў  бойынша тиккелей парламент алдында мәселе қойыў ўәкиллигине ийе болады.


Быйыл мәҳәллелерде ҳаял-қызар исбилерменлиги жойбарлары ушын қосымша 3,3 триллион сум ажыратылады. Атап айтқанда, шаңарақлық бағдарламалар шеңберинде және 100 миллион доллар бериледи. Оған  қосымша түрде коммерциялық банклер  де 100 миллион доллар тартып, мәҳәллелерде өзин-өзи бәнт еткен ҳаял-қызларға 50 миллион сумға шекем гиреўсиз кредитлер ажыратады.

Атап өтилгениндей, ҳаял-қызлардың исбилерменлигин раўажландырыў бойынша 4 басқышлы жаңа система жолға қойылады.


Биринши басқышта бизнеске қызыққан, бирақ көнликпеси болмаған 20  мың ҳаял-қыз исбилерменликке оқытылады. Екинши басқышта өзин-өзи  бәнт еткен 100 мың ҳаял-қыздың киши исбилермен болыўына жәрдем бериледи. Үшинши басқышта «Ҳамроҳ» компаниясы ҳәр бир районда 2 ден киши кәрхананы үлгили орта бизнес дәрежесине алып шығыўға  жуўапкер болады. Төртинши басқышта ең белсенди 50 ҳаял-қыз исбилермен жыллық айланысы 100 миллиард сумнан артатуғын «чемпион исбилермен»ге айландырылады.

Улыўма, быйыл кәсип-өнерге оқытыў, жумыслы етиў ҳәм исбилерменеликти раўажландырыў есабынан 2 миллион ҳаял-қыздың бәнтлигин тәмийинлеў мақсет етилген.


– Алдымызға барлық тараў ҳәм бағдарларда оғада уллы мақсетлерди қоймақтамыз. Оған ерисиў ушын биз сүйенетуғын жетик әўладты тәрбиялап, камалға келтириў сиз, әзизлердиң – пидайы аналардың қолында, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 3-марттағы қарарына муўапық 28  қыз Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен, 4-марттағы пәрманға муўапық, мийнет етиўде ҳәм жәмийетлик жумысларда үлкен нәтийжелерге  ерискен бир топар ҳаял-қызлар орден ҳәм медальлар менен сыйлықланған еди. Илажда, әне, усындай жоқары сыйлықлар салтанатлы түрде тапсырылды.


Мәресим соңында Шавкат Мирзиёев халқымыз  атынан ҳаял-қызларды және бир мәрте қутлықлап, жақсы тилеклер билдирди.

-Ҳәммеңизге  саў-саламатлық, шаңарақларыңызға тынышлық-аманлық, дүньядағы ең үлкен байлық – шаңарақлық бахыт-ығбал яр болыўын тилеймен. Ҳәмийше перзентлериңиз ҳәм жақынларыңыз, ел-халқымыздың ардағында жүриў несип етсин, – деди Президент.


Байрам шеңберинде «Өзбекстан» әнжуманлар сарайында салтанатлы концерт болып өтти.

ӨзА