Сораўнама: қағаздан пайдаланыў қашан азаяды?

Жер жүзинде терек кесилиўиниң тийкарғы себеплеринен бири қағаз ислеп шығарыў болып есапланады. Жылына дүнья бойлап орташа 7 миллиард түп терек қағаз ислеп шығарыў ушын кесиледи екен. Бул жабайы тәбияттың жоқ болыўы ҳәм карбонат ангидрид (CО2) муғдарының артыўына алып келеди.
Мағлыўматларға бола, ең көп қағаз пайдаланыў билимлендириў мәкемелеринде екен. Ҳәзирги күнде оқыў мәкемелеринде қағаздан азырақ пайдаланыў, пайдаланылған қағазды қайта ислеў ушын сайлаў әҳмийетли болып есапланады. Ҳәр жылы пүткил дүнья бойлап студентлер ҳәм муғаллимлер тәрепинен пайдаланылатуғын қағаз муғдары жүдә үлкен болып, қоршаған орталыққа унамсыз тәсир көрсетеди.
Бул машқала дүньяның раўажланған мәмлекетлериндеги ЖООларда бир неше жыллар бурын көтерилген. Курс жумысы, диплом жумысы сыяқлы қағаз пайдаланатуғын процесслерди электрон системаға өткериў бойынша үлкен жумыслар да исленген ҳәм бул процесс даўам етпекте. Нәтийжеде электрон билимлендириў платформалары, онлайн тапсырмалар ҳәм баҳалаў системалары, электрон ҳүжжет айланысы ҳәм аралықтан билимлендириўдиң раўажланыўына ерисилди. Бул болса қағаздың жумсалыўын азайтыўға ҳәм билимлендириў процесин және де нәтийжели етиўге жәрдем бермекте.
Атап айтқанда, АҚШтың көпшилик университетлери, соның ишинде, Гарвард, Станфорд университети ҳәм Массачусетс технология институты (MIT) электрон билимлендириў платформаларынан белсене пайдаланады ҳәм студентлерге тапсырмаларды онлайн тапсырыў имканиятын береди. Айырым университетлер қағазсыз имтиханларды да енгизген.
Уллы Британияның Оксфорд ҳәм Кембридж сыяқлы басқа жетекши университетлери де электрон билимлендириў платформаларынан кеңнен пайдаланады ҳәм студентлерге тапсырмаларды онлайн тапсырыўды усыныс етеди. Австралияның Мелбурн ҳәм Сидней университетлери ҳәм басқа жетекши билимлендириў мәкемелери де турақлылық сиясатын алып барады ҳәм қағаз жумсалыўын азайтыўға қаратылған ҳәр қыйлы басламаларды қоллап-қуўатлайды.
Дүньяның раўажланған мәмлекетлеринде курс жумысы, диплом жумысы сыяқлы қағаз пайдаланған процесслерди электрон системаға өткериў мәселеси жүдә кең додалаўларға себеп болған ҳәм онлайн тапсырмалар ҳәм баҳалаў системалары енгизилген. Нәтийжеде курс жумыслары, рефератлар ҳәм басқа да тапсырмалар электрон түрде тапсырылып, муғаллимлер тәрепинен онлайн баҳаланады. Бул қағаздан пайдаланыўды азайтыў менен бирге, баҳалаў процесин тезлетеди ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлейди.
Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, қоршаған орталықтың тазалығын сақлаў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Оның шеңберинде билимлендириў мәкемелеринде қағаз жумсалыўын азайтыў бағдарында системалы жумыслар исленгени рас. Атап айтқанда, Kundalik.com электрон билимлендириў платформасын енгизиў ҳәм HEMIS мәлимлеме системасының иске қосылыўы да белгили мәниде қағаз жумсалыўын әдеўир азайтты. Қалаберди, ендигиден былай Президент тапсырмасы тийкарында Регистратор офислериниң шөлкемлестирилиўи болса жоқары оқыў орынларында барлық қағаз бенен байланыслы жумыслардың электронластырылыўына тийкар жаратады.
Бирақ, тән алыў керек, ҳәзирги күнде ЖООларда қағаздан пайдаланыў елеге шекем жоқарылығынша қалмақта. Курс жумыслары, еркин жумыслар, рефератлар, имтиханлар, баянат ҳәм басқа да оқыў материаллары ушын қағаз ҳәдден тыс көп пайдаланатуғыны ҳақыйқат. Онда еки тийкарғы машқала бар: 1. Студентлер ҳәм оқытыўшылардың қағазын үнемлеў бойынша жетерли билимге ийе емеслиги. 2. ЖООларда қағазды үнемлеўге қаратылған бағдарламалардың жоқ екенлиги ҳәм нәтийжесизлиги.
«Зия форум» илим ҳәм тәлим-тәрбияны раўажландырыў халықаралық фонды қағаздың жумсалыўын азайтыў, экологиялық билимлендириўди раўажландырыў ҳәм қоршаған орталықтың тазалығын тәмийинлеў мақсетинде студентлер ушын экологиялық акциялар, таңлаўлар, конференциялар шөлкемлестирип келмекте. Форум қасындағы «Авлод медиа» орайы студентлери ЖООларда студентлер арасында қағаздан пайдаланыў ҳәм оны азайтыў жоллары бойынша сораўнама өткерди.
Сораўнамада мыңнан артық студент қатнасып, өз пикир-усынысларын билдирген. Онда ЖООларда қағаздан пайдаланыўды азайтыў зәрүр екенлиги, оқыў материалларын электрон түрге өткериўдеги абзаллықлар, қағазды қайта ислеў системасында студентлердиң жәрдеми, экологиялық билимлендириў ҳәм мәдениятты арттырыў бойынша үгит-нәсиятлаў илажларын көбейтиў керек екенлиги билдирип өтилген.
Нәтийжелерди таллаў тийкарында Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигине усыныслар таярлап киргизилген.
Бул усыныслар Өзбекстан ЖООларында қағаздан пайдаланыўды азайтыў, экологиялық билимлендириўди раўажландырыў ҳәм тийкарғысы, қоршаған орталықтың тазалығын тәмийинлеўге өз үлесин қосатуғынына гүман жоқ. Министрлик белсенди студентлердиң усынысларын көрип шығып, әмелий илажларды жолға қоятуғынына исенемиз.
Нилуфар Бозорова, ӨзАның хабаршысы