Путин Франция басшысына өтмиштеги ўақыяларды еслетти

598

Президент Владимир Путин франциялы кәсиплеси Эммануэль Макронның Россияны Европа ушын қәўетерли деп атаған сөзине мүнәсибет билдирди.

РФ жетекшиси 1812-жылы Наполеон Бонапарттың Россияны жаўлап алыўындағы әўметсиз урысын еске алып, Макронның пикирлерине мысқыллап жуўап берди, деп жазды «Euronews» басылымы.

Бул ҳаққында ол Украинаға ҳүжим нәтийжесинде қурбан болған әскерлердиң аналары ҳәм жесирлери менен ушырасыўда айтқан.

Макрон сәршемби күни өз халқына телевидение  арқалы еткен кешки мүрәжатында Россияны «Франция ҳәм Европаға қәўип» сыпатында баҳалап, «материктеги аўқамласларды ядролық тоқтатыўшы қурал менен қорғаў бойынша стратегиялық пикир талас баслаўға қарар еткени»н айтты.

Путин болса Макронның атын тилге алмай, былай деген: Айырымлар елеге шекем бир орында отыра алмай атыр. Наполеонның дәўирине қайтыўды қәлеп атырғанлар да бар, олар бул урыс қалай тамам болғанын умытпақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги