Брюсселде ТМШ регионаллық суў форумы болып өтти

Брюсселде Түркий мәмлекетлер шөлкеми, Венгрия экспортты қоллап-қуўатлаў агентлиги (HEPA) ҳәм Қурғақшылықтың алдын алыў институты менен биргеликте ТМШ суў форумы шөлкемлестирилди.
«АзерТАЖ» дың хабарына қарағанда, әнжуманда Бельгия Патшалығында аккредитациядан өткен ТМШға ағза мәмлекетлер дипломатиялық ўәкилханаларының басшылары, жоқары мәртебели ҳәмелдарлар, экспертлер, сондай-ақ, түркий ҳәм басқа да мәмлекетлерде суў ресурсларын басқарыўға байланыслы әҳмийетли машқалаларды шешиў ҳәм тараўдың турақлылығын тәмийинлеўден мәпдар тәреплер қатнасты.
Илажда күн тәртибинен орын алған регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыў, турақлы суў технологияларын алға қойыў ҳәм жасыл раўажланыў ушын инвестициялық имканиятты үйрениў мәселелери додаланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги