Өзбекстан – Германия қатнасықларына 33 жыл толды

386

Өзбекстан ҳәм Германия арасында дипломатиялық қатнасық 1992-жылы орнатылған болып, өз-ара байланыслар экономикалық, сиясий ҳәм мәдений тараўларда басқышпа-басқыш раўажланбақта.

Кейинги жылларда бирге ислесиў саўда, инвестиция ҳәм технология трансфери арқалы да беккемленбекте. Германия Федеративлик Республикасы өткен жыллар даўамында экономикамызға салмақлы инвестиция киргизди. Бул бағдарда шерикликтиң көлеми энергия, аўыл хожалығы ҳәм инфраструктура тармақларында оғада кең.

Еки мәмлекет биргеликтеги мәдений бағдарламаларды да жедел алға қойып келеди. Атап айтқанда, Германия университетлери менен бирге ислесиў шеңберинде студентлер алмасыўы, илимий изертлеўлер алып барыў, көркем өнер бағдарындағы жойбарлар әҳмийетли орын тутады.

Мәмлекетлеримиз халықаралық қәўипсизлик, терроризмге қарсы гүресиў, миграция сыяқлы әҳмийетли мәселелерде тығыз бирге ислеседи.

Кейинги жылларда болса бүгинги күнниң талабынан келип шығып, экология, турақлы раўажланыў ҳәм санлы трансформация сыяқлы жаңа бағдарларға айрықша итибар қаратылмақта. Яғный, Германия Өзбекстанда «жасыл» технологияларды  енгизиўге белсене қатнаспақта.

Бир сөз бенен айтқанда өз-ара қатнасықлар жыл сайын беккемленип бармақта.

Мусулмон Зиё, Нишонбой Абдувоитов (видео), ӨзА