Mobil-ID системасы қалай ислейди ҳәм оның абзаллықлары неде?

Пүткил дүньяда болғаны сыяқлы мәмлекетимизде де мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде коррупцияның алдын алыў, бюрократиялық ҳәм ҳәкимшилик тосқынлықларды сапластырыў бойынша үлкен илажлар әмелге асырылмақта.
Соның ишинде, мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде заман талапларына сәйкес келмейтуғын тәртип-қағыйдалардан ўаз кешиў, инсан факторын қысқартыў, қағазпазлықты сапластырыў арқалы хызметлер дәрежесин арттырыў бағдарындағы илажларды атап өтиўимиз мүмкин.
Президентимиздиң 2022-жыл 20-апрельдеги “Мәмлекетлик хызметлер көрсетиўди әпиўайыластырыў, бюрократиялық тосқынлықларды қысқартыў ҳәм мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң миллий системасын раўажландырыўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы пәрманы бул тараўдағы машқалаларды сапластырыўда үлкен әҳмийетке ийе.
Атап айтқанда, ҳүжжетте халыққа мәмлекетлик хызметлерди қолайлы ҳәм аңсат усылларда көрсетиўдиң көлемин арттырыў ҳәм пуқаралардың мәкемеден-мәкемелерге сергиздан болып жүриўиниң алдын алыў, мәмлекетлик уйымлардың мәлимлеме системасындағы мағлыўматларын исенимли қорғаў бойынша жумысларды избе-из даўам еттириў зәрүр екенлиги атап өтилген.
Оған бола, 2022-жыл 1-августтан баслап, мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын шахсты идентификациялаўдың әмелдеги система ҳәм қуралларына қосымша түрде физикалық шахсты идентификациялаўдың Mobil-ID системасы енгизилетуғыны белгиленди.

Хош, бул система қалай ислейди ҳәм оның абзаллықлары неде, деген сораў туўылыўы тәбийғый.
Mobil-ID системасы “Электрон ҳүкимет” системасынан пайдаланыўшыларды идентификациялаў бойынша бирден-бир мәлимлеме системасының қурамлық бөлеги есапланады ҳәм шахсты оның мобиль телефон номери арқалы идентификациялаўды нәзерде тутады. Шахсты Mobil-ID системасы жәрдеминде идентификациялаў пуқараның қәлеўине бола мәмлекетлик хызметлер орайы ямаса нотариал уйым тәрепинен ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталының мобиль қосымшасы арқалы әмелге асырылады.
Mobil-ID системасы жәрдеминде идентификациядан өтиў ушын пуқара тәрепинен тиккелей Мәмлекетлик хызметлер орайы ямаса нотариал уйымға мүрәжат етилгенде шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжеттиң түп нусқасы усынылады ҳәм Мәмлекетлик хызметлер орайы ямаса нотариал уйым хызметкери тәрепинен пуқараның жүзи санлы форматта сүўретке алынады, электрон түрде қол бармағының изи алынады ҳәм мобиль телефон номери Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталындағы жеке кабинетке байланыстырылады.
Және бир қолайлы тәрепи сонда, Mobil-ID системасы жәрдеминде идентификациядан өтиў ушын пуқара тәрепинен Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталының мобил қосымшасынан пайдаланғанда аралықтан биометрикалық идентификациялаў (Face-ID) усылы ямаса ID-картадағы электрон санлы қолтаңба қолланылады ҳәм мобиль телефон номери Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталындағы жеке кабинетке бийпул байланыстырылады.

Әпиўайы етип айтқанда, Mobil-ID системасына бул адамның жүзи, оннан ҳеш нәрсени жасырыў да мүмкин емес. Барлық процесслери әне, усы системада жәмлеседи. Солай екен, бул системаға өтиў арқалы бюрократиялық тосқынлықлар, ҳәкимшилик инсапсызлықлар сапластырылады. Және бир әҳмийетли ҳәм зәрүр тәрепи сонда, қағазпазлықларға шек қойылады. Мәмлекетимизде “Инсан қәдири ушын” ийгиликли идеясы әмелге асырылып атырған екен, Mobil-ID системасы бул ҳәрекетлерди ақылға уғрас ҳәм әдил жолға қойыўда әҳмийетли фактор болып хызмет ететуғынына гүман жоқ.
М.Турақбаев,
Нөкис қаласи Әдиллик бөлими Мәмлекетлик
хизметлер орайының бас қәнигеси.
Қарақалпақстан хабар агентлиги