Арнаўлы экономикалық зоналардың жумыс алып барыў көрсеткиш мүддетине байланыслы шеклеўлер бийкар етиледи

302

Арнаўлы экономикалық зоналардың жумыс ислеў мүддетине байланыслы шеклеўлер бийкар етиледи.

Бул бағдарда Президенттиң «Арнаўлы экономикалық ҳәм санаат зоналары жумысының нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-41-санлы пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға бола, 2025-жылы арнаўлы экономикалық ҳәм санаат зоналарын раўажландырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип төмендегилер белгиленди:

– арнаўлы экономикалық зоналарда 2,3 миллиард АҚШ доллары муғдарындағы инвестицияларды өзлестириў, экспорт көлемин 1 миллиард АҚШ долларына жеткериў, өндирис көлемин 4,3 миллиард АҚШ долларына тең муғдарда тәмийинлеў ҳәм 12 мың жаңа турақлы жумыс орынларын жаратыў;

– санаат зоналарында 800 миллион АҚШ доллары муғдарындағы инвестицияларды өзлестириў, экспорт көлемин 512,2 миллион АҚШ долларына жеткериў, өндирис көлемин 1,8 миллиард АҚШ долларына тең муғдарда тәмийинлеў ҳәм 17 мың жаңа турақлы жумыс орынларын жаратыў.

Жаңадан қурылатуғын қәнигелестирилген зоналар тек ғана арнаўлы экономикалық зона ямаса санаат зонасы түринде шөлкемлестириледи.

Арнаўлы экономикалық зоналар жумысы бойынша тек ғана экспортқа қаратылған жойбарларға қәнигелескен, майданы оралған арнаўлы экспорт зонасы түринде де шөлкемлестирилиўи мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги