Қәдирли ҳаял-қызларымызға ҳүрмет көрсетилди

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судында 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен байрам илажы болып өтип, видеоконференц байланыс режиминде өткерилген бул илажда бир топар ҳаял-қызлар суд ветеранлары, судья ҳәм хызметкерлер қатнасты.
Илажда Жоқарғы суд баслығы Б.Исломов ҳаял-қызларды қызғын қутлықлап, мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың жәмийеттеги абырайын буннан былай да арттырыў, ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин кепилликли қорғаў, бир сөз бенен айтқанда, олардың аўырын жеңил етип, мүнәсип турмыс тәризин жаратыўға қаратылған үлкен реформалар исеним менен әмелге асырылып атырғанын айрықша атап өтти.
Атап өтилгениндей, ҳәр бир жәмийет ҳәм халықтың мәденияты қаншелли жоқары екени, руўхый жетиклиги бәринен бурын, ҳаял-қызларға болған мүнәсибет, оларға көрсетилип атырған ҳүрмет-итибар менен белгиленеди. Себеби, ҳаял дегенде, бәринен бурын ҳәр биримиздиң көз алдымызда меҳрибан аналарымыз, апа-қарындасларымыз ҳәм гөззал қызларымыздың нурлы жүзи көринеди.
Соның менен бирге, ҳаяллар шаңарағымыздың бийкеси, миллетимиздиң даўамшысы есапланған перзентлеримизди ақ жуўып, ақ тарап, оларға мүнәсип тәрбия беретуғын меҳрибан ҳәм ақыллы инсанлар болып есапланады.
Бүгинги күнде жоқары билим ҳәм маманлыққа ийе ақыллы ҳаял-қызларымыз суд системасында да түрли лаўазымларда нәтийжели жумыс алып барып, Жаңа Өзбекстанды қурыўда өзлериниң мүнәсип үлеслерин қосып келмекте.
Суд системасындағы хызметкерлердиң 31 процентин ҳаял-қызлар қурайды, судьялардың 15 проценти ҳаял судьялардың үлесине туўра келеди. Жоқарғы судта болса, бул көрсеткиш 20 процентти қурайды.
Итибарлысы, 2017-жылы ҳаял судьялардың саны 115ти қураған болса, соңғы жылларда әмелге асырылған жумыслардың нәтийжесинде бүгинги күнде ҳаял судьялардың саны 225 ке жетти. Ҳәзирги ўақытта бул көрсеткишлерди және де жақсылаў ҳәм суд системасында гендер теңлигине ерисиў бойынша мақсетли жумыслар алып барылмақта.
Шынында да, бүгинги күнде ҳаял судья ҳәм хызметкерлер өзлериниң жоқары билими, ақыл-парасаты менен жәмийетимизде нызам үстинлиги ҳәм әдиллик турақлылығын тәмийинлеўге мүнәсип үлес қоспақта.
Илажда Жоқарғы суд баслығының орынбасарлары ҳәм жуўапкер хызметкерлер де усы гөззаллық ҳәм нәзиклик байрамы мүнәсибети менен қәдирли ҳәм ҳүрметли ҳаял-қызларымызға жақсы тилеклер билдирди.
Илажда бир топар ҳаял-қызлар суд ветеранлары, судья ҳәм хызметкерлер Жоқарғы суд баслығының арнаўлы бийлиги менен шөлкемлестирилген “Бенуқсон хизмати учун” көкирек белгиси менен сыйлықланды. Олардың арасында Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы Гаўҳар Зарипова да бар. Видеоконференц байланыс режиминде өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы К.Тарихов усы сыйлықты өз ийесине салтанатлы түрде тапсырды.



Сондай-ақ, бир топар ҳаял судьялар ҳәм суд хызметкерлерине ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги