Елде абырай тапқан өнермент ҳаял

413

Елимизде ҳаял-қызларға мүнәсип ҳүрмет көрсетилип, олардың жәмийетлик турмыстағы орнын ҳәм абырайын арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Шебер өнермент Бийбисара Қунназарованың да көп жыллық мийнетлери қәдирленип, Президент пәрманы тийкарында «Дўстлик» орденине мүнәсип деп табылды.

Б.Қунназарова, 1954-жылы Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районында туўылған. 2019-жылдан баслап «Қолда гилем тоқыў» бағдары бойынша Өзбекстан Республикасы «Өнермент» бирлеспесиниң ағзасы есапланады. Ҳүрметли өнермент ески гилемлери менен халық әмелий көркем өнери ҳәм умытылып атырған өнерментшиликти қайта тиклеў ҳәм раўажландырыў бағдарында белсенде жумыс алып бармақта. Қара үй (отаў)диң безеўлерин ислеў бойынша шебер уста, әўладтан-әўладқа мийрас болып атырған ақ басқур, қызыл басқурларды тоқыўда теңи жоқ.

Қаҳарманымыз «Өнерли шоққыға бой созады» сүрени астында жумыс алып барады. Оның тийкарғы мақсети жергиликли халықты өнерментшиликке тартыў, олардың абаданлығын арттырыўға жәрдемлеседи.

Б.Қунназарова өнерментшилик өнимлери менен ҳәр қыйлы республикалық ҳәм халықаралық көргизбелерге, таңлаўларға ҳәм саўда-ярмаркаларына турақлы түрде қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп келмекте.

Соның ишинде, «Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!» фестивалы шеңберинде «Өнерментлер көргизбеси» жойбарында белсене қатнасқаны ушын ҳүрмет жарлығы ҳәм басқа да көплеген «Халықаралық өнерментшилик фестивалы»на қатнасып, сертификат пенен сыйлықланған.

Усы өнер менен 6 жылдан берли шуғылланып, ул-қызларына да үйретип, шебер дәрежесине жеткерген. Мәҳәллелердеги жумыссыз ҳаял-қызлар ҳәм жасларға устазлық етип, өз өнериниң сырларын үйреткен. Бүгинги күнге шекем 70 ке шамалас шәкирт таярлаған. Сондай-ақ, ол сегиз перзентти камалға келтирип атырған меҳрибан ана болып табылады.

Гулноза Бобоева, ӨзА