Өзбекстан мобиль интернет тезлиги бойынша ақырғы 4 жылда 65 орынға жоқарылады

Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов «MWC Barcelona – 2025» Жәҳән мобиль конгреси шеңберинде «Ookla» шөлкеминиң президенти ҳәм бас директоры Стивен Бе, Стратегия бойынша бас директор Чип Стренж ҳәм шөлкемниң Арқа Азия ҳәм Орайлық Азия регионлары бойынша саўда директоры Виктор Зенг пенен ушырасты.
Ушырасыўда интернет инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм сапа мониторингин күшейтиў бойынша пикир алысылды.
Буннан тысқары, сөйлесиў даўамында аймақларда 5G технологияларының процесслерин жеделлестириў, мобиль байланыс операторлары ушын инновациялық технологиялық шешимлерди сынақтан өткериў ҳәм олардың халықаралық тәжирийбеге тийкарланған ҳалда раўажланыўын қоллап-қуўатлаў мәселелери де көрип шығылды.

Ушырасыўда «Ookla» шөлкеми Өзбекстанның соңғы жыллары мобиль интернет тезлиги бойынша үлкен көрсеткишлерге ерискенин атап өтти.
Мағлыўмат ушын, «Ookla» – глобал интернет тезлигин өлшеў ҳәм таллаў менен шуғылланатуғын жетекши шөлкем.
Сондай-ақ, ушырасыў даўамында шөлкем ўәкиллери Speedtest Global Index нәтийжелерине бола, 2020-жылы Өзбекстан 133-орынды ийлегени, 2025-жыл январь жағдайына бола мәмлекет усы рейтингте 68-орынға көтерилгени, усы тәризде Өзбекстан 2020-жылдан бери 65 орынға жоқарылағанын атап өтти.
Ушырасыў соңында тәреплер келешекте бирге ислесиў жойбарлары үстинде ислесиў мәселелерин додалады.
Н.Раҳмонова,
ӨзА