Кредит келисимин дүзиў қадаған етилген шахслар реестри дүзиледи

356

«Кредит мәлимлеме алмасыўы ҳаққында»ғы нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги хабар берди.

Оған бола, кредит келисимин дүзиў қадаған етилген шахслар реестри дүзиледи. Бул кредит келисимин дүзиўи мүмкин болмаған шахслар ҳаққындағы мағлыўматларды өз ишинле алған мағлыўматлар базасы болып, кредит бюролары тәрепинен алып барылады.

Орайлық банк усы реестр жүргизиў тәртибин белгилейди. Сондай-ақ, кредит бюролары ушын устав капиталының ең аз муғдары 2 миллиард сум етип белгиленди.

Егер де кредит бюролары кредит мәлимлемеси алмасыўы ҳаққындағы ҳәм кредит бюроларының жумысын тәртипке салыўшы нызамшылық талапларына әмел етпесе, бюролар хызмети тутыныўшыларының ҳуқықларын бузса, қәлбеки ҳүжжетлерден пайдаланылған жағдайлар анықланса Орайлық банк оларға санкциялар ҳәм БЕМниң 5 мың есесине шекемги муғдарда жәрийма қолланыўға ҳақылы.

Буннан тысқары, физикалық тәреп өзиниң хабарысыз кредит рәсмийлестирилиўиниң алдын алыў ушын кредит бюросына арза берип, өзиниң атына келисим дүзиўди қадаған етиўи мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги