Өзбекстан Президенти ШБШ бас хаткерин қабыллады

237

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 5-март күни мәмлекетимизде сапар менен болып турған Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң бас хаткери Нурлан Ермекбаевты қабыллады.

Бул абырайлы шөлкем шеңбериндеги көп тәреплеме шерикликти раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери додаланды.

Турақлылық ҳәм қәўипсизликке қәўип салып атырған улыўмалық қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде әмелий ҳәрекетлерди кеңейтиў, жақсы қоңсышылық, исеним ҳәм шериклик принциплери тийкарында бирге ислесиўди және де тереңлестириў әҳмийетли екени атап өтилди.

Самарқанд саммитинде басланған ШБШ жумысын модернизациялаў процесин даўам еттириў, соның ишинде, шөлкемниң барлық структуралары жумысының нәтийжелилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылды.

«Жаңа экономикалық сөйлесиў»ди раўажландырыў концепциясы ҳәм мәмлекетимиздиң басқа бир қатар басламаларын әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Олар саўданы әпиўайыластырыў ҳаққындағы келисим, электрон коммерциялық бағдарлама, инвестицияларды қоллап-қуўатлаў комплекси, логистикада санластырыў режеси, «ШБШ келешек технологиялары» бағдарламасы, Азық-аўқат қәўипсизлиги атласы ҳәм басқаларды қабыллаў болып есапланады.

Сондай-ақ, Қытайда болажақ ШБШ саммитине таярлық көриў мәселелери додаланды.

ӨзА