Әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў имканиятлары атап өтилди

209

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев елимизде рәсмий сапар менен болып турған Грузия Бас министри Ираклий Кобахидзениң басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Ушырасыў алдында жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Грузия Президенти Михаил Кавелашвилидиң сәлеми менен жақсы нийетлерин жеткерди.

Саўда-экономика, инвестиция, транспорт-логистика, туризм ҳәм мәденият тараўларындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Парламентлер ҳәм ҳүкиметлер дәрежесиндеги байланыслар жақсыланғаны айрықша миннетдаршылық пенен атап өтилди. 2024-жыл өз-ара товар алмасыў 50 процентке артты, биргеликтеги кәрханалар саны ҳәм жүк айланысы көлеми көбейди. Пайтахтлар арасында туўрыдан-туўры авиарейслер әмелге асырылмақта. Мәмлекетимизде грузиялық инвесторлар қатнасында шөлкемлестирилген санлы банк жумыс алып бармақта. Гуманитар бағдарда өткен жылы Тбилиси қаласында Өзбекстан мәденияты ҳәм киносы күнлери табыслы өткерилди.

Сөйлесиў даўамында усы күнлерде Ташкент қаласында болып өткен Ҳүкиметлераралық комиссиясының гезектеги мәжилис жуўмақлары жоқары баҳаланды.

Товар алмасыў тезлигин сақлап қалыў, экспорт ҳәм импорт пропорционаллығын тәмийинлеў, санаат кооперациясы жойбарларын алға қойыў, транспорт-транзит потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, сондай-ақ, еки мәмлекет аймақларын экономикалық бирге ислесиўде жедел тартыў бойынша өз-ара муўапықласқан илажлар көриў керек екенлиги атап өтилди.

Санластырыў ҳәм туризм инфраструктурасын раўажландырыў бағдарындағы шериклик ҳәм алмасыўларды кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мақсетинде келешекте Өзбекстан ҳәм Грузия ҳүкиметлери дәрежесинде тығыз бирге ислесиўге келисип алды.

ӨзА