Бүгиннен баслап метан заправкаларға қойылған шеклеўлер басқышпа-басқыш алып тасланады
273

Энергетика министрлигиниң мәлимлеме хызметиниң билдириўинше, бүгин саат 9.00 ден баслап елимиз бойлап метан заправкалардың жумысы басқышпа-басқыш қайта тикленеди.
Март айының басларында ҳаўа температурасының кескин төменлеўи себепли тәбийғый газден пайдаланыў артып, қубырларда басым төменледи. Сол себепли, халықты ҳәм социаллық тараў объектлерин тәбийғый газ бенен тәмийинлеўге тийкарғы итибар қаратылды. Метан заправкаларының жумысы ўақытша тоқтатылды.
Көрилген оператив илажлардың нәтийжесинде газ қубырларында басым турақласты.
Енди барлық аймақларда метан заправкалардың жумысы қайта жолға қойылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги