Тақыятаслы ҳаял «Заманагөй ҳаял» номинациясына миясар болды

Бәҳәр мәўсими кирип келиўи менен елимизде байрамлар басланып, орынларда ҳәр қыйлы байрам илажлары өткерилмекте.
Өзбекстанда кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң 120 жыллығы менен Ташкент қаласында болып өткен «Заманагөй кәсиплик аўқамы ҳәрекетинде ҳаял-қызлардың роли» атамасында Ташкент қаласында илаж болып өтти. Онда кәсиплик аўқамларының атқаратуғын роли, хызметкерлерге жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында сөз етилип, тараўда ҳаял-қызлардың тутқан орны ҳәм хызметлери ҳаққында сөз етилди. Илаж шеңберинде таңлаў шөлкемлестирилип, онда қатнасқан ҳаял-қызлар ҳәр қыйлы номинациялар менен сыйлықланды. Онда кәсиплик аўқамы Тақыятас районлық кеңеси баслығы Саёра Бекимбетова да белсене қатнасып, екинши орынды ийелеп, «Заманагөй ҳаял» номинациясын алыўға миясар болды.


-Тараўларда мийнет етип атырған хызметкерлердиң социаллық, экономикалық ҳәм ҳуқықый жақтан исенимли қорғаў шеңбериндеги кейслер ҳәм сораўларға жуўап бериў, машқалалы жағдайлардың шешимин табыў, «Миллий қәдириятларымыз-кәсиплик аўқамының нәзеринде» темасында шығып сөйлеўлер таңлаўдың тийкарғы шәрти болды. Мен миллий қәдириятларымыз тийкарында алып барылып атырған жумысларымыз ҳаққында сөз етип, басқа да шәртлерде өз белсендилигимди көрсетиўге ҳәрекет еттим,-дейди С.Бекимбетова.
Қарақалпақстан хабар агентлиги