Қарақалпақстанда ҳаял-қызлардың баслама ҳәм идеяларын қоллап-қуўатлаўға қаратылған семинар шөлкемлестирилди

Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң басламасы ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлердиң жәрдеминде шөлкемлестирилген семинарда Агентлик жуўапкерлери, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси басшылығы, аймақтағы 44 шөлкем ҳәм уйымларда жумыс алып барып атырған ҳаял-қызлар, ҒХҚ хызметкерлери ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Семинар мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердеги ҳаял-қызлардың тараўдағы хызметин қоллап-қуўатлаў, олардың лидерлик компетенцияларын раўажландырыў, мәмлекетлик пуқаралық хызметиндеги реформалардан хабардар етиў, машқалаларды терең үйрениў мақсетинде шөлкемлестирилди.
Семинар алдынан сөзге шыққанлар соңғы жыллары Өзбекстанда мәмлекетлик басқарыўда ҳаял-қызлар ушын мүнәсип мийнет шараятларын жаратып бериў, оларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде әҳмийетли қәдемлер қойылғанын атап өтти. Тараўдың нормативлик-ҳуқықый базасы жетилистирилгенин мәлим етти. Президентимиздиң узақты гөзлеген әдил сиясатлары нәтийжесинде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда ҳаял-қызлардың үлеси артып, бул халықаралық көрсеткишлерде де өз көринисин таўып атырғанын билдирди.
Семинарда тәжирийбели ҳәм потенциаллы жуўапкер шахслар, тараў қәнигелери басшы ҳаялларда лидерлик, халықшыл, кревтивлик көнликпелерди қәлиплестириў, мәмлекет хызметинде инновациялық технологиядарды қолланыўда ҳаял-қызлардың роли, мәмлекетлик хызметкерлердиң саламатлығы –мәмлекетлик хызметтиң нәтийжелилик кепиллиги, мәмлекетлик хыхметте шаңарақ ҳәм карьера тең салмақлылығын тәмийинлеў стратегиялары темаларында өзиниң пикир-усынысларын билдирди. Тараўда жыллар даўамында басып өтилген турмыслық тәжирийбелери менен ортақласты.
Семинар өз жумысын секторларда даўам еттирмекте. Онда қатнасыўшылар ушын «Мәмлекетлик хызметтеги ҳаял-қызлардың жеке нәтийжелилигин арттырыў имканиятлары», «Ҳаял-қызларға зорлық ҳәм агрессияның психологиялық тийкарлары», «Инсан ҳуқықларын басқарыўдың заманагөй усыллары», «Ҳаял-қызлардың мәмлекетлик хызметке бейимлесиўи социаллық өзгешеликлери», «Мәмлекетлик хызметтеги ҳаял-қызлардың жәмийетшилик пенен бирге ислесиўи: заманагөй технологиялар ҳәм трендлер», «Мәмлекетлик пуқаралық хызметтеги ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўдың ҳуқықый тийкарлары» темаларында тренинглер шөлкемлестирилди. Секторлар өз жумысын киши топарларда ислесиў, кейс-стади ҳәм тартыслар сыяқлы интерактив түрлерде шөлкемлестирди. Семинар даўамында қатнасыўшылардың тараўға байланыслы усыныс ҳәм басламалары, машқалалары социаллық сораўнама арқалы үйренилди.
Бир сөз бенен айтқанда, бул семинар Қарақалпақстанда жумыс алып барып атырған мәмлекетлик хызметтеги ҳаял-қызлардың баслама ҳәм илеяларын қоллап-қуўатлаў, олардың жаңа билим ҳәм көнликпелер алыўы, өз-ара тәжирийбе алмасыў, тараўдағы жумысларын және де раўажландырыў ушын өзине тән корпус ўазыйпасын атқарды, -деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги