Женевада Парламентлераралық аўқамның 150-Ассамблеясына таярлық мәселеси додаланды

Швейцарияда Өзбекстан Республикасының БМШ бөлими ҳәм Женевадағы басқа халықаралық шөлкемлер жанындағы турақлы ўәкили Элдиёр Тошматов ҳәм Парламентлераралық аўқам Бас хаткери Мартин Чунгонг арасында ушырасыў болып өтти.
5-9-апрель күнлери Ташкентте болып өтетуғын Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей Ассамблеясына таярлық процеси додаланған сөйлесиў даўамында тәреплер тийкарғы итибар шөлкемлестириў мәсеелелери, атап айтқанда илаж бағдарламасы ҳәм жумысшы уйымлар мәжилислериниң күн тәртибине қаратылды.
Бас хаткердиң атап өткениндей, бул абырайлы әнжуман бас тема – «Парламент ҳәрекети социаллық раўажланыў ҳәм әдиллик ушын» көзқарасынан айрықша әҳмийетке ийе.
Сондай-ақ, мәртебели басшы Өзбекстан парламенти тәрепинен әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларды жоқары баҳалап, мәселелерди оператив шешиўге әмелий қатнас жасағаны ушын миннетдаршылық билдирди.
ӨзА