Германия халықаралық бирге  ислесиў жәмийети менен қатнасықлар беккемленбекте

263

Елимизде техникалық тәртипке салыў, стандартластырыў, метрология ҳәм муўаплылықты баҳалаў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, маман кадрлар таярлаўдағы биргеликтеги жойбарлар өз нәтийжесин берип келмекте.

Өзбекстан  техникалық жақтан тәртипке салыў агентлигиниң директоры Акмал Жуманазаров Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ)ниң «Өзбекстанда Европа Ауқамының GSP+ жеңилликлер системасынан нәтийжели пайдаланыў» жойбарының басшысы Асел ханым Узагалиева менен ушырасыў өткерди.

Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте шөлкемлестирилген ушырасыўда көп тәреплемели қатнасықлар, атап айтқанда, тараўға грантлар ҳәм техникалық жәрдемди тартыў, алдынғы халықаралық тәжирийбе тийкарында  саўдадағы техникалық тосқынлықларды сапластырыў, GSP+ Жеңилликлер системасынан нәтийжели пайдаланыў сыяқлы елимизде әмелге асырылыўы зәрүр болған мәселелерге  айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлигиниң мағлыўматына бола, сөйлесиў даўамында Өзбекстан стандартлар институты ҳәм Өзбекстан илимий-сынақ ҳәм сапа қадағалаў  орайының жумысын жетилистириўге зәрүр болған жойбарлар бойынша презентация етилди ҳәм бар лабораториялардың жумысы менен таныстырылды. «UzTest»  орайы лабораторияларындағы шараятлар халықаралық стандартлар ҳәм нормативлик  талапларға сәйкес екенлиги GIZ ўәкиллери  тәрепинен атап өтилди.

Тәреплер буннан былай да агентлик ҳәм GIZ арасында бирге ислесиўди беккемлеў ушын барлық  ҳәрекетти иске қосыўға таяр екенлигин билдирди.

А.Рустамов, ӨзА