Өзбекстан – Грузия: әзелий байланыслар ҳәм бирге ислесиўдиң жаңа перспективалары

Олий Мажлис Сенатында Грузия Бас министри Ираклий Кобахидзе басшылығындағы делегация ағзалары менен ушырасыў болып өтти.
Сенат Баслығы Т.Норбоева бул сапар етиў еки мәмлекет арасында дүзилген тығыз бирге ислесиў байланысларын раўажландырыўда жаңа бет ашыў ушын үлкен имканият екенин атап өтти.
– Өзбекстан ҳәм Грузия халықларының миллий үрп-әдетлеринде уқсаслық бақланады, еки халық та миймандос ҳәм өз ўатанына садықлық сыяқлы қәсийетлерге ийе,-деди Т.Норбоева. – Соңғы жыллары дослық байланыслары әййемги дәстүрлерге сәйкес түрде раўажланбақта. Еки миллет ўәкиллерин өз-ара исеним туйғылары байланыстырып тур. Ташкентте «Өзбекстан – Грузия» дослық жәмийетиниң дүзилгени ҳәм «Мегоброба» мәдений орайы жумыс алып барыўы да пикиримизди тастыйықлайды.

Сөйлесиў ўақтында делегация ағзаларына «Өзбекстан – 2030» стратегиясында белгиленген баслы ўазыйпалар, сол тийкарда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Тек ғана ҳүкиметлераралық емес, ал парламентлераралық қатнасықларды беккемлеў, нызамшылықты жетилистириўде тәжирийбе алмасыў, иске қосылмаған имканиятлардан ақылға уғрас пайдаланыў өз-ара байланыслардың избе-излигин тәмийинлейтуғыны атап өтилди.
И.Кобахидзе Грузия Өзбекстан менен тығыз бирге ислесиўди раўажландырыўдан мәпдар екенин билдирди. Елимизде барлық тараўларда қолға киргизилип атырған жетискенликлерди жоқары баҳалады. Мәмлекетимиз басшысы алып барып атырған реформалардың турмыста өз көринисин таўып атырғанын атап өтти.

Сондай-ақ, сөйлесиўде туризм, экономика, электроника, аграр ҳәм транспорт коммуникациясы сыяқлы тийкарғы бағдарларда бирге ислесиў байланысларын беккемлеў мәселелерине итибар қаратылды.
Ушырасыўда еки мәмлекет арасында перспективалы жойбарларды әмелге асырыў бойынша өз-ара пикир алмасылды. Атап айтқанда, бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы талланып, жаңа режелерди белгилеп алыўға байланыслы мәселелер додаланды.
Грузия парламенти басшылары елимизде болып өтетуғын Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблесясында қатнасыўға үлкен қызығыўшылық билдирип атырғаны атап өтилди. Келешекте де халықаралық майданда өз-ара қоллап-қуўатлаў әмелиятын беккемлеўге келисип алынды.
Н.Абдураимова, ӨзА