«Коррупцияның алдын алыў – мәмлекетлик хызметке профессионал ҳәм пидайы кадрларды таңлаў ҳәм оларды «ҳадаллық вакцинасы» менен емлеўден басланады, – деди Президент

329

Кадрларды оқытыў, тәрбиялаў ҳәм турақ жайға қойыўда Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги ҳәм Мәмлекетлик басқарыў академиясының жетекши сыпатындағы роли сезилмей атырғаны атап өтилди.

Кадрларды баҳалаўда ески үлгидеги «объективка»дан ўаз кешип, алдынғы IT технологиялар  тийкарында хызметкердиң маманлығы ҳәм потенциалы, ерискен нәтийжелерин баҳалайтуғын системаға өтилетуғыны белгиленди.

Лаўазымға  қойыўда хызметкердиң қайсы  жоқары оқыў орынларын  питкергени ямаса қай жерде ислегени емес, қандай билим-тәжирийбеге ийе екенлиги  ҳәм көрсеткен нәтийжелери тийкарғы норма болады. Бул бағдарда талабанның кемшиликлери менен жақсы тәреплерин де  ҳадал айтыў керек.

Буннан былай мәҳәлледе адамлар менен ислеген, олардың машқаласын өз көзи менен көрип, шешкен жаслар арасынан басшы кадрлар таңлап алыныўы керек екенлиги атап өтилди.

Жумысқа қабыл етиўди ашық-айдын өткериў, мәмлекетлик хызметкерлердиң реестрин белгилеў, кадрлардың коррупцияға бейимлигин үйрениў бойынша пәрман жойбарын киргизиў тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги