Системалы түрде жынаятышылыққа қарсы гүресиў ҳәптеликлерин өткерип барыў зәрүрлиги атап өтилди.

301

Парламенттеги жуўапкер комитетлер мәҳәллелерге шекем түсип, ҳәр бир жынаяттың келип шығыў себебин ҳәм факторларын анықлап, район, ўәлаят прокурорлары ҳәм ишки ислер баслықларының алдына анық ўазыйпа қойса, бул бағдарда жақсы тәжирийбе болатуғыны атап өтилди.

Бас прокурор ҳәм ишки ислер министрине ҳәр шеректе Миллий кеңестиң алдында, район прокурорлары ҳәм ишки ислер  баслықлары болса ҳәр айда аймақлық кеңеслерге есап береди ҳәм жәмийетшиликке мүрәжат пенен шығады.

«Мүрәжат дегенде, улыўма гәплер керек емес. Бунда ҳәр бир тараў ҳәм жынаятшылық түри бойынша алдын алыў, факторларды сапластырыў бойынша анық исленетуғын жумысларды айтыў керек», – деди Президент.

Миллий кеңес ҳәр айда район ҳәм қалаға түсип, өз мәжилисин тиккелей ишки ислер бөлимлеринде өткериўи мақсетке муўапық екени атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги