Жынаятларды есапқа  алыў системасы толық санластырылады

369

«102» хызмети арқалы келип түскен жынаят ҳаққындағы хабарларды автомат түрде дизимге алыў, яғный, ҳәр бир мүрәжаттың «санлы изи» қалатуғын система жаратылғаны өз нәтийжесин берди.

Бирақ, айырым район ҳәм қалалық ишки ислер басшылары  статистиканы жақсылаў ушын жынаятты жасырып атырғаны, дизимге алыўды ойлап созып жүргени атап өтилди.

Жаңа ишки ислер министрине ҳәр бир мәҳәлледеги  профилактика орайларын бақлаў камерасы ҳәм ҳәр бир инспекторды «боди камера» менен тәмийинлеп, ҳуқықбузарлықларды дизимге алыў бойынша жаңа платформаны  иске қосыў тапсырылды.

Жынаятларды есапқа алыў системасын толық санластырыў ўазыйпасы қойылды.

Прокурорлар тергеў үстинен қадағалаўды  төменлетип жибергени  көрсетип өтилди. Соның ушын, судлар тәрепинен 637 жынаят иси кемшиликлери ушын тергеўге қайтарылған.

Бас прокуратура тергеўдиң сапасын арттырыў ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў бойынша және де қатты ислеўи керек екенлиги атап өтилди.

Бас прокуратура да, ишки ислер министрлиги де ояныўы, жаңаша ислеп, бир-бирин тыйып турыўы керек екенлиги көрсетип өтилди.

ӨзА