Коррупциялық жынаятлардың 75 проценти район ҳәм мәҳәлледе турмыслық коррупция түринде пайда болып атырғанын атап өтти.

338

Мысалы, инфраструктураға байланысыў, лицензия алыў, жеңилликли кредит ажыратыў, жумысқа қабыллаў, маманлықты арттырыў бағдарларында коррупция факторлары көп.

Тергеўши, прокурор ҳәм судьялар қолындағы жумыс бойынша уйымларға усыныснама ҳәм ажырым киргизиўден арғы жағына өтпей атырғаны, олардың додаланыўы да, жуўабы да жалған екенин көрсетип өтти.

Ўәлаят ҳәкимлери басшы болған коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық кеңеслериниң жумысы да оғада төменлеп кеткени, жумысы район, мәҳәлле менен байланыспағаны ушын нәтийже жоқ екенлигин атап өтти. Парламенттиң жуўапкер комитетлериниң де орны сезилмей атырғанлығы айтылды.

Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық кеңеслери қурамын толық жаңалаў, оларға баслық етип ўәлаят халық депутатлары ўәлаят кеңеси баслықларын тайынлаў усыныс етилди.

Аймақлық кеңеслер адамға шекем түсип, коррупциялық факторларды анықлаўы, оларды сапластырыў ушын қайсы нызамды өзгертиў керек, деген сораўларға жуўап табыўы керек екенлигин атап өтти.

Кеңеслер ҳәр шеректе кеминде биреўден тараўда коррупциялық факторларды сапластырыў, нызам үстинлиги, жаза бар екенлигин тәмийинлеў бойынша Миллий кеңеске усыныс киргизеди.