Бас министрге 117 министрлик ҳәм уйымдағы «коррупцияға қарсы ишки қадағалаў» структураларының басшыларын жумыстан алыў ҳәм олардың орнына ҳадал пидайы ҳәм профессионал кадрларды қойыў, олардың алдына анық ўазыйпаларды белгилеп бериў тапсырылды.

Министрликлердиң аймақлық комплаенс хызметкерлерин тиккелей министрдиң өзи жумысқа қойыўы, өзине сиясий жуўапкершилик алып, пүткил системадағы коррупция ушын жеке жуўап беретуғыны белгиленди.
Агентликтиң жумыс усылы улыўма өзгереди. Оның ушын тәжирийбе түринде 5 уйым: Денсаўлықты сақлаў, Қурылыс, Суў хожалығы министрликлери, «Өзбекнефтгаз» ҳәм «Өзсуўтәмийнат»тиң комплаенс қадағалаўы агентликке өткериледи.
Жылдың жуўмағы менен бул министрликлерде қанша коррупциялық факторларды сапластырғаны, адамларға қандай жеңилликлер болғаны ҳаққында Миллий кеңесте есабат береди.
Сондай-ақ, агентлик министр, ҳәкимлер менен биргеликте ҳәр шеректе коррупция жоқары болған кеминде 3 тараўда районға шекем түсип, турмыслық ҳәм системалы коррупция факторларын терең үйренеди, таллаўлар тийкарында қайсы процессти санластырыў, қайсы бюрократиялық тәртипти бийкарлаў бойынша анық илажларды ислеп шығады.
Еки айда халықаралық рейтинг шөлкемлериниң усынысы тийкарында «жол карта»сы ислеп шығылып, ҳәр бир министрлик ҳәм уйымға исленетуғын жумыслар анық белгилеп бериледи. Итибарсызлыққа жол қойған басшыларды жазалаў бойынша усыныс киргизиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги