Президентимиз Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниң жумысынан пүткиллей наразы екенин айтты.

290

Агентлик хызметкерлери министрликлерге, аймақларға барып, анық бир тараўды таллап, машқалаларға шешим бериў орнына, қозғатылған жынаят ислерин санайтуғын қуры статист болып қалғаны атап өтилди.

Агентлик басшылары коррупция жағдайы ең көп болған районлық денсаўлықты сақлаў, бәнтлик бөлими ямаса банк филиалына барып, жағдайды үйренбегени, жаңа заманагөй система бойынша усынс бермегени көрсетип өтилди. Бул тараўлардың тиккелей басшыларының өз системасын «коррупциядан жырақ» етиў жумыслары төмен екени сынға алынды.

Президент тапсырмасы менен инвестициялық бағдарламалар үстинен қадағалаў күшейтилгенинен кейин өткен жылдың өзинде 3 триллион сум экономланды. Ямаса денсаўлықты сақлаў системасында «Ситуациялық орай» иске қосылғанының есабынан 2024-жылы 1,2 триллион сумлық мақсетсиз қәрежетлердиң алды алынды.

«Бирақ, неге бул жумыслар Президент тапсырма бергеннен кейин басланыўы керек?», деп сораў берди мәмлекетимиз басшысы.

Парламенттеги бюджет комитетлеринде де ҳәр жылы бюджеттен ең көп қаржы алатуғын 3 министрликке барып, коррупциялық факторларды анықлаўда ҳәм өзгерис етиўде инта жетиспей атырғаны атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги