Ҳуқық-қорғаў уйымлары тийкарынан коррупцияны анықлаў ҳәм жазалаў менен ислесип, коррупциялық факторларды тамыры менен жоқ ететуғын превентив илажларды итибарсыз қалдырып атырғанын атап өтти

Коррупцияның алдын алыў, факторлары менен ислесиў ушын 117 министрлик ҳәм уйымлардағы «коррупцияға қарсы ишки қадағалаў» структураларында 1 мың 285 хызметкер жумыс ислемекте. Бирақ, коррупциялық факторларды сапластырыўда олардың орны да, жуўапкершилиги де сезилмей атырғанын атап өтти.
Ҳәр жылы бизнес орталығын жақсылаў, инвестицияны тартыў, жаңа жумыс орынларын жаратыўда бюрократия ҳәм тосқынлықларды сапластырыў бойынша онлаған қарарлар қабыл етилмекте.
Мысалы, 6,5 мың түрдеги өнимди ислеп шығарыў ҳәм алып кириўде исбилерменлерге муўапықлықты баҳалаў жуўапкершилиги жүкленген. Соннан 3 мың 700 түрдеги товар бойынша ҳәр бир партияға өз алдына сертификат алыў шәрт.
Бундай дизимлер санитария, карантин, ветеринария уйымларында да бар. Бажыхана болса бул дизимлердиң ҳәммеси менен ислеседи.
Исбилерменлерди қыйнап, коррупцияға фактор болып атырған усындай дизимлерди қысқартыў бойынша бул уйымлардың комплаенс хызметкерлери ҳеш қандай усыныс бермеген.