Халық, исбилерменлер, сырт елли бирге ислесиўшилер, халықаралық шөлкемлер ҳәм инвесторлардың реформаларымызға исеними беккемленди

Жол ҳәрекети қәўипсизлиги инспекторлары боди-камера менен хызмет етип атырғаны, автономерлер аукционда сатылып атырғаны, «қол радары» ҳәм қағазда баянат дүзиў бийкар етилгени ушын коррупция факторлары кескин азайды.
Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында коррупцияның алдын алыў бойынша жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм келешектеги баслы ўазыйпаларға бағышлап өткерилип атырған кеңейтилген мәжилисте мәлим етилди.
Халық ҳәм исбилерменлерге «халық хызметиндеги мәмлекет» принципи тийкарында хызмет көрсетиў жолға қойылды. Атап айтқанда, 120 түрдеги ҳүжжетлерди талап етиў, 160 дан аслам лицензия ҳәм руқсатнамалар бийкар етилди.
Нәтийжеде 200 мыңға шамалас жаңа исбилерменлер базарға кирип келди. Сырт ел қатнасыўындағы кәрханалар дерлик 5 есеге артып, 23 мыңға шамаласты. Электрон мәмлекетлик хызметлер саны 15 есеге артып, 721ге жетти, олардан пайдаланыўшылар болса 11 миллионнан асты.
– Алдыңғы 25 жыл даўамында бул түсиниклер бизге жат еди. Көрип көрмегенге алынатуғын еди. Булардың ҳеш бири өзинен-өзи болғаны жоқ. Ҳәммесине машақатлы мийнетимиз бенен еристик. Ең әҳмийетлиси – булардың есабынан халық, исбилерменлер, сырт ел бирге ислесиўшилеримиз, халықаралық шөлкемлер ҳәм инвесторлардың реформаларымызға исеними беккемленди.
Соңғы жети жылда 120 миллиард доллардан аслам инвестиция киргени, экономикамыз 2 есеге өсип, өткен жылы 115 миллиард долларға жеткени оның анық дәлийли емес пе, – деди Президент.
ӨзА