Ҳәзирги күнге келип барлық банклер 100 миллион сумға шекемги турмыслық кредитлерди инсан факторысыз 5 минут ишинде онлайн бермекте

Мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша нызам қабыл етилгени, таңлаў ҳәм тендер санласып, саламат бәсеки болғаны ушын өткен жылы 14 триллион сум бюджет қаржысы үнемленди.
Адамлар кредит алыў ушын көплеген тосқынлықларды жеңип өтиўи керек еди. Ҳәзирги күнге келип барлық банклер 100 миллион сумға шекемги турмыслық кредитлерди инсан факторысыз 5 минут ишинде онлайн бермекте.
Нәтийжеде алдын бул жумыс пенен шуғылланған мыңлаған банкирлер енди мәҳәллеге түсип, адамларға жойбар, кредит усыныс етип, қарыйдарды көбейтиў үстинде ислемекте.
Адамлар баласын мектеп ямаса бақшаға жайластырыўда сергизден болған, жумысын «басқа жоллар» менен шешиўге туўра келген еди. Өткен дәўирде мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи системасында 10 нан артық хызмет түрлери толық электрон түрге өткерилди. Бул тараўда мүрәжатлар саны 2,5 есеге азайды.
Буннан 7-8 жыл алдын жоқары оқыў орынларына оқыўға кириўде «таныс-билисшилик» ҳәўиж алған еди. Тараў санласты, имтиханлар онлайн трансляция болмақта. Алдын тест тапсырып, топлаған баллына қарап, кейин жоқары оқыў орнын таңлаў системасы енгизилди.
Жоқары билимлендириўде 35 түрдеги ҳүжжетлерди инсан факторысыз алыўға өтилгени ушын тараўдағы мүрәжатлар 2,2 есеге азайды.
ӨзА