Президент бул бағдарда исленген жумысларға айырым мысалларды келтирди

Коррупцияны тамыры менен жоқ етиў ушын бәринен бурын инсан факторы ҳәм қағазпазлықты азайтыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Мәселен, халыққа жер бериў процесинде пуқаралары ҳәким ҳәм оған жақын уйымлар арасында әўере болып жүретуғын еди. Улыўма, бул тараў коррупция «ошағы»на айланған еди.
Жерди ҳәкимниң қарары менен ажыратыўдан толық ўаз кешилип, аукцион системасына өтилгени нәтийжесинде бул система халықшыл болды.
Қурылыс тараўы ең коррупцияласқан тараўлардан бири еди. «Ашық-айдын қурылыс» бағдарламасы енгизилгеннен кейин бул бағдарда да унамлы өзгерислер сезилмекте.
Бурын инвестиция бағдарламасына кирген объектлерди қуратуғын жумысты бөлип алып ислеўшилер мыңға да жетпейтуғын еди. Өткен жылы 13,5 мың объекттиң қурылысында 4 мыңнан аслам жумысты бөлип алып ислеўши қатнасты. Тараўдың санластырылғанының есабынан өткен 4 жылда 3,6 триллион сум бюджет қаржысы үнемленди.
Бирақ қурылысқа руқсат бериў, имаратты тапсырыўда өрт қәўипсизлиги бойынша бюрократия ҳәм нызам бузылыў көбейип кеткени ушын өткен ҳәптеде айрықша жағдайлар министри ҳәм оның орынбасарлары жумыстан алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги