Реформалар жолындағы ең үлкен тосқынлықлар – бул коррупция болып есапланады – Президент

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында коррупцияның алдын алыў бойынша жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпаларға бағышланған кеңейтилген мәжилис басланды.
Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң басында реформалар шешиўши басқышқа кирип атырған ҳәзирги ўақытта елимизде коррупциядан жырақ орталық жаратыў бойынша жумысларға баҳа берип, келешектеги ўазыйпаларды анық белгилеп алыў зәрүр екенлигин атап өтти.
– Реформалар жолындағы ең үлкен тосқынлық – бул коррупция болып есапланады. Оны дүнья тәжирийбеси де толық тастыйықлайды. Коррупция ақыбетинде дүнья экономикасы жылына 3 триллион доллар зыян көрип атырғаны бул глобал қәўип екенинен дерек береди.
Коррупция сондай жаўыз иллет, ол халықтың мәмлекетке, Конституция ҳәм нызамларға исенимине зыян жеткереди, турақлы раўажланыў ҳәм қәўипсизлик ушын үлкен қәўипке айланады, – деди Президент.
ӨзА