Қытайдың TEMU электрон платформасының жумысы Өзбекстанда рәсмий түрде шекленди

249

Салық комитети баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, Өзбекстан нызамшылығы талапларына муўапық 20-марттан баслап Қытайдың Temu платформасынан пайдаланыў белгиленген тәртипте шекленеди.

«Электрон коммерция операторлары, атап айтқанда, электрон саўда платформалары операторлары сыпатында тек ғана юридикалық шахслар – Өзбекстан Республикасы резидентлери жумыс алып барыўы мүмкин екени белгиленген. Елимизде пуқараларға хызмет көрсететуғын сырт ел электрон платформаларының жумысын үйрениў процесинде айырым электрон саўда платформалары тәрепинен Өзбекстан Республикасының электрон коммерция, усақлап сатыў, реклама, жеке мағлыўматларды қорғаў, авторлық ҳуқықы ҳәм басқа да түрлес ҳуқықлар тараўындағы нызам ҳүжжетлери талапларына әмел етилмей атырғаны анықланды.

Жоқарыдағылардан келип шығып, Өзбекстан Республикасы нызамшылығы талапларына муўапық, 2025-жыл 20-марттан баслап сырт ел электрон саўда платформаларынан, атап айтқанда, “TEMU” платформасынан пайдаланыў белгиленген тәртипте шекленеди. Түсинбеўшиликлердиң алдын алыў мақсетинде, ўатанласларымыздан бүгинги күннен баслап “TEMU” платформасында буйыртпа бермеўин сораймыз», делинген хабарда.

Егер буйыртпа алдын әмелге асырылған болса, платформада төлемди қайтарыўды шөлкемлестириў усыныс етиледи.

 

Ш.Маматуропова, ӨзА