Өзбекстанда диний тараўдағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы принциплери нелерден ибарат?

265

2025-жыл 26-февральда «Өзбекстан Республикасында пуқаралардың ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў ҳәм диний тараўдағы  мәмлекетлик сиясат концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы нызам күшке кирди.

Концепцияда Өзбекстан Республикасында диний тараўдағы мәмлекетлик сиясаттың мақсети, тийкарғы  ўазыйпалары ҳәм принциплери көрсетилди.

Соның ишинде, диний тараўдағы мәмлекетлик сиясаттың  мақсети – пуқаралардың ҳүждан  еркинлигине болған ҳуқықларын әмелге асырыў ушын теңдей шараятлар жаратыў болып есапланады. Түрли динлерге байланыслы  диний шөлкемлер арасында  өз-ара келисим ҳәм ҳүрмет орнатылыўына жәрдем бериў, конфессиялараралық татыўлықты беккемлеў, жәмийетте диний кеңпейиллик ҳәм дүньялық тәмийинленеди.

Диний тараўдағы мәмлекетлик  сиясаттың тийкарғы ўазыйпаларына жынысы, расасы, миллети, тили, дини, исеними, социаллық келип шығыўы, жәмийетлик дәрежесине қарамастан, пуқаралардың еркинлигин ҳәм нызам алдында  теңлигин тәмийинлеў ҳәм конституциялық ҳуқық ҳәм еркинликлери кемситилиўине жол қоймаў илажларын көриў киреди.

Көп миллетли ҳәм көп конфессиялы Өзбекстан халқының бирлиги ҳәм аўызбиршилиги, үрп-әдетлерине ҳүрмет руўхы беккемленеди, олардың раўажланыўы ушын теңдей шараятлар жаратылады.

Пуқаралардың жәмийетлик турмыста белсене  қатнасыўы ушын тең ҳуқықый шараятлар жаратылады. Олардың динге қатнасығына қарамастан, диний көзқарасларды мәжбүрий сиңдириўге жол қоймаған ҳалда, олардың  ҳүждан еркинлигине болған  конституциялық ҳуқықларын әмелге асырыўы ушын шараятлар жаратылады.

Мәмлекет өзиниң ишки ҳәм сыртқы сиясатын әмелге асырыўда конституциялық нормаларға муўапық дүньялыққа  сүйенеди. Конституциялық нормаларға муўапық, мәмлекетлик басқарыў уйымлары, Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, пуқаралық жәмийети басқа институтларының жумысы, сондай-ақ, социаллық қатнасықларды дүньялық тийкарында тәртипке салыныўын тәмийинлейди.

Жәмийетте диний кеңпейиллик ҳәм нызамлылықты қәлиплестириў бағдарында пуқаралардың белсене пуқаралық позициясын беккемлеў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылады.

Мәмлекетлик хызметкерлердиң өзиниң кәсиплик жумысында ҳәм функционал ўазыйпаларды орынлаўда бир динге ямаса исенимге үстинлик бериў яки бирде-бир динди ямаса исенимди кемситиўге жол қоймайды.

Дүнья илими, мәденияты, көркем өнери ҳәм әдебиятының алдынғы жетискенликлеринен қанаатланған  ҳалда мәмлекеттиң илими ҳәм мәденияты раўажландырылады.

Пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерине, халықтың денсаўлығына, жәмийетлик әдеп-икрамлылыққа, жәмийетлик қәўипсизликке ҳәм жәмийетлик тәртипке  қәўип туўдыратуғын радикалласыўға қарсы гүресиў, экстремизм ҳәм терроризм идеяларының  тарқатылыўына жол қойылмайды.

Диний тараўдағы мәмлекетлик сиясат нызамлылық, ҳүждан еркинлиги, динниң мәмлекеттен ажыратылғанлығы, теңлик, еркин таңлаў, динлераралық қарым-қатнас ҳәм өз-ара түсинисиў принциплерине сүйенеди.

Нызамлылық принципине муўапық, диний тараўдағы мәмлекетлик сиясат Конституцияға ҳәм нызамлылық ҳүжжетлерине муўапық әмелге асырылады.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм олардың мәпдар шахслары тәрепинен қабыл етилген қарарлардың  Конституцияға ҳәм нызамшылық ҳүжжетлерине қарсы болмаўы тәмийинленеди.

Ҳүждан  еркинлиги принципине бола Өзбекстан Республикасында барлық шахслар ушын дин ҳәм исеним еркинлиги кепилленеди.

Пуқаралар қәлеген динге исениў, исенимди өзгертиў ямаса ҳеш қандай динге исенбеў ҳуқықынан еркин пайдаланады. Диний көзқарасларды ямаса динге  исенбеўди мәжбүрий сиңдириўге жол қойылмайды.

Пуқаралардың ҳуқықларын олардың белгили диний доктрина қатнасығына қарап шеклеўге, тиккелей ямаса турақлы емес үстинлик бериўге, олардың диний исеними бар ямаса жоқ екенлиги менен байланыслы сезимлерин кемситиўге жол қойылмайды.

Динниң  мәмлекеттен ажыратылғанлығы принципи – диний шөлкемлер ҳәм мәмлекетлик уйымлар  өз-ара бир-бириниң жумысына араласпаўы, мәмлекетлик диний шөлкемлерге мәмлекеттиң қандайда бир ўазыйпаларын жүклемеў, диний шөлкемлердиң мәмлекетлик функцияларды әмелге асырыўына жол қоймаўына байланыслы қағыйдаларды  нәзерде тутады.

Бул принцип  диний көзқарасларға қарамастан, конституциялық ҳуқықый система (хуқық нормалары ҳәм оларды қолланыў), демократия, дүньялық, еркинлик, теңлик, инсаныйлық, жәмийетлик әдиллик ҳәм аўызбиршилик, инсан ҳуқықлары идеяларына сүйенеди.

Теңлик принципине муўапық, пуқаралар жынысы, расасы, миллети, тили, дини, исеними,  социаллық келип шығыўы ҳәм социаллық дәрежесине қарамастан, нызам алдында теңдей  болып, бирдей ҳуқық ҳәм еркинликлерине ийе болады.

Пуқараларға қандай да бир динге исениўи ямаса исенбеўинен келип шығып жеңилликлер бериўге ямаса олардан айырыўға жол қойылмайды.

Нызамлар диний исенимине ямаса қандай да бир динге исенбеўине қарамастан,  барлық пуқараларға бирдей қолланылады.

Еркин таңлаў принципине бола, пуқара динге, динге исениўге ямаса исенбеўге, ибадатларда, диний илажлар ҳәм мәресимлерде қатнасыўға  ямаса қатнаспаўға, диний билим алыўға өз мүнәсибетин белгилеп атырғанда оны анаў ямаса мынаў түрде мәжбүрлеўге жол қойылмайды.

Динлераралық қарым-қатнас ҳәм өз-ара түсинисиў принципи тийкарында түрли динлерге исенетуғын ямаса қандай да бир динге исенбейтуғын пуқаралар, түрли конфессияларға  байланыслы шөлкемлер өз-ара диний кеңпейиллик, келисим, ҳүрмет ҳәм өз-ара түсинисиў тийкарында қарым-қатнас орнатады.

Мәмлекет түрли динлерге исенетуғын ямаса ҳеш қандай динге исенбейтуғын пуқаралар, түрли конфессияларға байланыслы диний шөлкемлер арасында өз-ара келисим ҳәм ҳүрмет , кеңпейиллик руўхы орнатылыўын тәмийинлейди.

Радикалласыўға, экстремизмге, терроризмге, түрли динлерге байланыслы исенимлерди  бир-бирине қарама-қарсы қойыўға ҳәм кескинлестириўге, усы тийкарда пуқаралардың татыўлығын бузыўға, түрли конфессиялар ишинде ҳәм басқа конфессиялар арасында душпанлық оятыўға қаратылған ҳәрекетлерге жол қойылмайды.

Н.Абдураимова, ӨзА