Жигитлер әскерий хызметке атланды

Бүгин Нөкис қаласы орайындағы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары жайласқан майданда мүддетли әскерий хызметке шақырылыўшыларды шығарып салыўға арналған салтанатлы мәресим болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, бир қатар жаслардың мүддетли әскерий хызметти өтеўге мүнәсип деп табылып, ана Ўатан алдындағы перзентлик парызын атқарыў ушын атланғаны мүнәсибети менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, Ўатанымыздың тынышлығы, шегараларының қол қатылмаслығы усындай ер-азаматларымыздың қолында.
Өткерилген илажда әскерий оркестр намалары астында Ўатанды қорғаўға атланған жасларға кең жәмийетшилик ўәкиллери, олардың ата-аналары ҳәм туўған туўысқанлары да ҳақ жол тилеп, мәртлер қатарына шығарып салынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги