Бирге ислесиў – дәўир талабы

311

Жоқары билимлендириўде заманагөй реформалар

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде бүгинги күнде сырт ел жоқары оқыў орынлары менен қатнасықларды еле де беккемлеў, илим ҳәм билимлендириў бағдарында өз-ара бирге ислесиў нәтийжелилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Усындай жоқары оқыў орынларының бири – Қазақстан Республикасы Ш.Есенов атындағы Каспий технологиялары ҳәм инжиниринги университети болып табылады.

Усы университеттиң «Компьютер илимлери» кафедрасының профессорлары Б.Сулейманова ҳәм Е.Абдикеримовалар бес күн даўамында академиялық мобиллик программасын әмелге асырыў мақсетинде университеттиң Математика факультети «Алгоритмлестириў ҳәм программаластырыў технологиялары» кафедрасында хызмет сапарында болды.

Хызмет сапары даўамында Б.Сулейманова ҳәм Е.Абдикеримовалар кафедраның оқыў ҳәм илимий-изертлеў бағдарларындағы жумыслары менен танысты ҳәм компьютер илимлери ҳәм программаластырыў технологиялары тәлим бағдарының 2-3-курс студентлерине “Веб программаластырыў” пәнинен шеберлик сабақларын алып барды.

Сондай-ақ, кафедралар арасында академиялық мобильликти орнатыў, оқыў ҳәм илимий жумысларды раўажландырыў, илимий мақалаларды баспадан шығарыў, илимий жойбарларды орынлаў сыяқлы әҳмийетли жумыслар келисип алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги