Өзбекстанлылар Наўрыз мүнәсибети менен неше күн дем алады?

373

Ҳәптесине 5 күн ислейтуғын өзбекстанлылар Наўрыз байрамы мүнәсибети менен избе-из 3 күн – 21, 22 ҳәм 23 март күнлери дем алады. 6 күн  ислейтуғынлар болса 22-март күни ислейди.

Ҳәптесине 5 күн ислейтуғын өзбекстанлылар Наўрыз байрамы мүнәсибети менен избе-из 3 күн дем алады. Бул Кәмбағаллық ҳәм бәнтлик министрлиги тәрепинен  тастыйықланған 2025-жылғы жумыс ўақты календарында нәзерде тутылған.

Мийнет кодексиниң 208-статьясына тийкарланып дем алыс күни исленбейтуғын байрам күнине туўра келген жағдайда, дем алыс күни байрамнан кейинги  жумыс күнине көшириледи.

Демек, ҳәптесине 5 күн ислейтуғынлар 3 күн дем алады:

21-март, жума – Наўрыз  байрамы;

22-март, шемби – 5 күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғынлар ушын дем алыс күни, 6 күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғынлар ушын жумыс күни;

23-март, екшемби – дем алыс күни.

Ҳәптесине 6 күн ислейтуғынлар ушын тек жума ҳәм екшемби дем алыс күни болады, 22-март, шемби жумыс күни есапланады.

Еслетип өтемиз, ҳәптесине 5 күн ислейтуғынлар 8-март – Ҳаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен  избе-из 3 күн – 8, 9 ҳәм 10-март күнлеринде дем алады. 6 күн ислейтуғынлар болса 10-март күни жумысқа шығады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги