Өзбекстан бойлап «Ҳаял-қызларға ҳүрмет» ҳәптелиги болып өтеди

373

8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен усы жыл 3-10 март күнлери елимизде «Ҳаял-қызларға ҳүрмет» ҳәптелиги өткериледи.

Ҳәптелик шеңберинде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, экономикалық, социаллық ҳәм сиясий белсендилигин арттырыў, бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликке кеңнен тартыў, мүтәж ҳаял-қызларды социаллық қоллап-қуўатлаўға қаратылған кең көлемли илажлар, реформалардың әмелий нәтийжелерин өзинде жәмлеген медиа-таңлаўлар ҳәм илажлар өткериў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыста белсендилик ҳәм инталылық көрсеткен, өзиниң нәтийжели мийнети менен жәмийеттиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып атырған ҳаял-қызларды «Мўътабар аёл» көкирек белгиси менен сыйлықлаў мәресимлери шөлкемлестириледи.

Узақ жыллар министрлик ҳәм уйымларда мийнет етип пидайылық, ўатан сүйиўшилик, ибрат үлгисин көрсеткен нураный аналарымыз, «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызлардың «Жаңа Өзбекстан бағы» ҳәм музейлер, естеликлер, зыярат орынлары, театр, концерт, кино, тарийхый ҳәм кеўилашар орынларына жеңилликли тийкарда сапарлары шөлкемлестирилмекте.

Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийетлик белсендиликлерин арттырыўға қаратылған ҳәр қыйлы китап ҳәм мақалаларын таныстырыў болып өтеди. Буннан тысқары улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары арасында «Ана – шаңарағымыз тымсалы, мийрим булағы» темасында жазба жумыс таңлаўын өткериў нәзерде тутылған.

Социаллық тармақларда жаслардың қатнасыўында «Ҳаялды ҳүрметлеў – жақсылық ҳәм әдиллик нормасы», «Ана – мийрим булағы», «Мен анам менен мақтанаман», «Елимиздиң раўажланыўында мениң үлесим» атамаларында флешмоб ҳәм челленджлер шөлкемлестириледи.

Муҳайё Тошқораева,

ӨзАның хабаршысы